Жүрдим излериңде пәрўанаң болып.
Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан,
Қалайық ҳәмийше бизлер дос болып.
Маған несип етпеди сүйилиў бахты.
Иләжсыз өзиңе бахыт тиледим,
Сеннен ушыратпаған шын мухаббаты,
Өзге гөззал жүрегинен изледим.
Еледе өзиңде мениң кеўилим бар,
Түслериме кирип шығасаң гөззал,
Соңғы пушайманым үйленгенлигим,
Орныңды баспады ҳеш бир сәўер яр.
Бүгин тойың күни билдим қәтемди,
Айрылғанлығымды шын муҳаббаттан.
Өкиниш азабы қыйнар жанымды,
Қалай өтермен бул аўыр сынақтан.
Әсиге кетсемде кешир қудайым,
Қәйтейин жүрегим бойсынбаса ҳеш,
Бахытлы болғайсаң достым иләйим,
Енди бизлер ушын ҳәмме нәрсе кеш.
Гөззал Ибраймова.
Достыма жуўап
Дос деўгеде енди бармайды тилим, От болып өртенди бүгин кеўилим, Жигит пенен қызлар дос бола алмас Жақсы қалың, достым сөнди үмитим....
Мухаббат дәрти
Жаслығымның гөззал бир кешесинде. Ушраттым кеўилим аңсаған қызды Қарап көзлерине көзим түскенде Жүрегим үзилип кеткендей болды...
Жуўапсыз мухаббат
Мен сизди сүйемен сүйгеним рас Сиз мени ҳеш қашан сүймесеңизде Күте-күте көзлерим талыпты бираз, Бул дүняға қайта келмесеңизде....
Студентлик бахыт
Студентлик бахтына миясар болыў, Билдим бүгин қандай бахыт екенин. «Жүзден жүйрик,мыңнан тулпардай болып», Қатарыңнан алда болдың дегениң....
Жигит журты
Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...