Олар алтын қуяштың нуры емеспе?
Жаратыўшы тәбияттың күни емеспе?
Өмирим бәҳәри-әкем ҳәм анам!
Ата-ана мисли мийўалы бир бағ,
Перзент камал тапса оның кеўили шад,
Ата-ана менен-ақ шаңарақ абат,
Өмирим бәҳәри-әкем ҳәм анам!
Ҳәр бир басқан қәдемимде изимде,
Ата-анам алғысы яр болады,
Оларға ҳәр нәзер салып қарасам,
Кеўилим шад қуўанышқа толады.
Ең бахытлы инсандурман өмирде,
Әкем-анам жүзинен нур жаўылар,
Айтшы достым, оларды мен жоғалсам,
Басқа мийирмандос қайдан табылар?
Бийбисара Худайназарова.
Әкежан
Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...
Анажан
Сағынып хәмийше көзге жас алып, Излеймен өзиңди ашық аспаннан, Қудайымның ҳәмирине бойсынып. Айралық айырды бизди анажан....
Анама
Ана меҳри дәря,булақ сарқылмас Ана ушын бәрше теңеўлерде аз Ҳеш кимде ананың орынын баса алмас Аз болса да арнап сөз жаздым бираз...
Имтихан
Анам айтты: -«Журналисттиң, Наны жуқа, айдай қызым, Басын усла басқа истиң, Мен айтаман билип сөзим....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....