Ойынның ислеў анықламасы: Ойын 5 бөлимнен ибарат: қосыў, алыў, бөлиў, көбейтиў ҳәм аралас. Ойын қуўнақ мийўелер бағында ойналады. Мийўелер таўсылмайды, бирақ ойыншы қанша көп мийўе жеген сайын ойыншының тезлиги асып бара береди. Мийўелер үшлик болып түседи, солардан екеўи зәҳәрленген ҳәм биреўи зәҳәрленбеген. Зәҳәрленбеген мийўени таўыў ушын ойыншы тахтада көрсетилген математикалық сораўға дурыс жуўап таўып, дурыс келетуғын жуўап қатарындағы мийўе зәҳәрленбеген екенин билип алады. Ҳәр бир дурыс желинген мийўе ушын оң санлар менен ойнаса бир жулдызша, терис санлар менен ойнаса еки жулдызша саўға есабында бериледи. Бул жулдызшаларды зәҳәрленбеген мийўени билетуғын «emoji»ден сораў ушын яки болмаса билместен зәҳәрленген мийўени жеп қойған жағдайда зәҳәрин кесиў ислетсе болады.
Жас бағдарламашы Дамирдиң айтыўына қарағанда ол математика пәнине қызыққанлығы ҳәм ҳоббийи себепли усы ойынды ислеп шығыўды мақул көрген. Сондай-ақ миллий софтвер санаатының раўажланыўына үлесин қосыў болып табылады. Келешекте, яғный жаңа жылдан баслап усы ойынға басқада қызықлы функцияларды қосыўды режелестирмекте.
Ҳәзирги ўақытта аталған ойын бағдарламасы Google Play маркетке қойылды. Дамир тәрепинен исленген ойын бағдарламасын Плей Маркеттен жүклеп алып көриўди усыныс етемиз!
Чемпионлар лигасы голлары рекорды
Чемпионлар Кубоги ески форматында болған ең үлкен жеңис «Динамо» (Бухарест) – «Крузейдерс» клублары ортасындағы ойын 11-0 есабында жуўмақланған. Бул ойын 1973-жылы болып өтти. ...
Наўқыран әўлад ҳәм сораў белгиси
Сәлем сизге уллы Наўқыран әўлад , Танысаңыз сораў белги боламан. Бир-еки сораўым бар рухсат етиң. Жуўап берсең шадлықларға толаман....
Өзбекистанлы футболшылар күтилген жеңиске еристи ҳ& ...
18-январь күни болып өткен 3-ши турда Өзбекистанлы футболшылар Саудия Арабстан сайланды командасы үстинен 3-1 есабында жеңиске еристи. Бул ойында Өзбекистан сайланды командасының бас...
Сиз оларды таныйсыз: #4 (Сиот-шоу)
Интерактив ойында сизге қосықтан/намадан үзинди бериледи, усы қосықты ким атқарады ямаса қосық аты қандай екенлигин табыўыңыз керек. Ойын жуўмақланғаннан...
Имкон шоу теле-ойыны Қарақалпақстанда
Ёшлар телеканалының Имкон шоу телебағдарламасы бүгинги күнде көплеген тамашагөйлерине ийе. Дәслебинде эстрада ҳәм кино жулдызлары қатнасыўында өткерилген теле ойын...