Маржан тақыя жарасықлы пөпеги,
Келиншеклер кийер жегде жипекли,
Көк көйлекли қызлар қарақалпақта.
Еки қулағында ҳалқаплы сырға,
Күн нурынан жалтырар мисли периўза,
Алтыннан исленген, жарасқан сонша,
Әребекли қызлар қарақалпақта.
Жаман сөз сөйлемес, шийрин сөзли,
Бир-биринен гөззал, күйгелек көзли,
Он бармағы өнерли ҳәм ийбели,
Ҳүр перийзат қызлар қаракалпақта.
Мерекеге барса кийеди жеңсе,
Таслар менен безетилген өңирше,
Басларынан түспеген ҳеш сәўкеле,
Шар түймели қызлар қарақалпақта.
Сахибжамал Есемуратова
Таллар
Жасыллық мәўсими келген мәҳәл, Ағам менен бирге нәллер еккенбиз, Ҳәр жылы үлкемизге келгенде бәҳәр, Олар менен гүллеп бирге өскенбиз....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Китаплар
Кеўлимизге жайлар жаңа ойларды, Ашып берер ашылмаған сырларды, Өзиңде жәмлеген өткир қырларды, Билимниң булағы тек те китаплар....
Қара көзлерим
Мөлдир қара көзлерде, Жүрек сыры бар еди. Сол жүреклер түбинде, Әрмәнлар қабат еди....
Қатнаспай қалды
Әкеси спорт түрлериниң бири бойынша жарысқа қатнасқан балаларының бөлмесине кирип сорады: -Жарысқа қатнасқаныңыз жақсы болды. Нешинши орынды...