Ашып берер ашылмаған сырларды,
Өзиңде жәмлеген өткир қырларды,
Билимниң булағы тек те китаплар.
Яд аласаң өтип кеткен жылларды,
Ата-баба басып өткен жолларды,
Мәртликке баслайды мудам улларды,
Өмирдың айнасы тек те китаплар.
Айдын келешекке баслар жасларды,
Жаслыққа жетелейди досларды,
Жолымыздан алып таслар тасларды,
Уллылықтың дереги тек те китаплар.
Даналардай бере ақыл –нәсият,
Билимниң гилити болар китаплар,
Бабалардан қалған уллы нәсият,
Досларыңның бири болсын китаплар.
Жәҳәнге таратып жақты нурларды,
Гүллерге бөлейди шексиз қырларды,
Көклерге ушырып аппақ қусларды,
Бахытқа баслайды бизди китаплар.
Китаптың дослары туўры журеди,
Журегиңде мудам қуяш куледи,
Билимниң қаймағын молдан сүзеди,
Жақсылықтың маканы тек те китаплар.
Жамалова Гүлзабира
ҚМУ қарақалпақ филологиясы 2 курс студенти
Қарақалпақстаным
Қ-ушағыңда туўылып камалға келдим, А-на сүтин емип тәрбия көрдим, Р-еспубликам жасларды қоллар мудамы, А-лла көз тиймесин бахтыма мениң....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Бахыт ҳәўес етсин маған
Көз тиймегей менде жүрек, Нийетлерге толы мәкән, Бирақ, Бахыт неге керек? Бахыт ҳәўес етсин маған....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...