А-на сүтин емип тәрбия көрдим,
Р-еспубликам жасларды қоллар мудамы,
А-лла көз тиймесин бахтыма мениң.
Қ-ыйыншылықты жеңип өткен халқымсаң,
А-затлықты татыўлықты таңлаған,
Л-аўлаған от киби өшпес бахтымсаң,
П-арахатшылық кептерлери шарлаған.
А-лпамыс, Ерназардай батырларыңыз,
Қ-орғамақта жеримизге жан тигип,
С-әрбиназ, Гүлаымдай мәрт қызларыңыз.
Т-ек алға бармақта көкке талпынып.
А-спанымыз ашық, ел тыныш болсын,
Н-әўқыран әўладтың бахтын сорайман,
Ы-рысқымыз артып дәстурхан толсын.
М-әңги халқым саған хызмет қылғайман.
Гөззал Ибраймова.
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Сағындым
Туўылып өскен ата-журтым Шымбайдың Сол баяғы соқпақларын сағындым, Бирге ойнап,бирге гүбелек қуўған, Көшемиздиң ул-қызларын сағындым....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Сулыў қызлар
Күнде көшемизден өтер көп қызлар, Ҳәр қыз өткен сайын жүрегим музлар, Қасларын қағады наз етип бираз, Қабақларын үйселер денемиз...
Жигит журты
Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...