Дайы журты ,қәйин журты,өз журты,
Ата сораўыма жуўап берсеңиз,
Ең ишинде жағдайлысы қай журты?
Дайы журтың сыншыл болып келеди,
Сын көз бенен баҳа берер исиңе.
Қәйин журтың миншил болып келеди,
Мин тағады қылған ҳәр бир исиңе.
Ал өз журтың күншил болып келеди,
Жетиссең күнлейди бар дәўлетиңди.
Жоқ болса, беремейди кемисиңди де,
Сонда да өз журтың бәринен жақсы.
Деген «Жалғыз аттың шаңы шықпайды»
«Төртеў түўел төбедегин түсирер».
Өз журтыңнан ҳеш жаманлық шықпайды,
«Ер ел ушын туўылып,ел ушын өлер».
Қайсы журт болсада тилеклес саған,
Исенимин ақла бәрше журттыңда,
Ер жигит атына ылайық болған,
Ислериңе кеўили толсын барқулла.
Ибраймова Гөззал.
Өмир пасыллары
Өтер өмиримиздиң сансыз күнлери, Бирде шадлы бирде ғамлы түнлери, Балалық, өспирим, орта, ғаррылық, Төрт пасылдай гезеклесер ҳәр бири....
Өзиң гүлсең…
Көркемликте теңсиз жигит жүдә гөззал қызға кеўил берипти. Еки жас муҳаббаты менен бахытлы жүрген күнлерде, жигит зәрүр жумыс пенен узақларға...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...