Көркемликте теңсиз жигит жүдә гөззал қызға кеўил берипти. Еки жас муҳаббаты менен бахытлы жүрген күнлерде, жигит зәрүр жумыс пенен узақларға кететуғын болыпты. Хошласыў ўақты келгенде жигит қызға депти:
- Мени күт саған бир дәсте гүл жиберемен. Гүллер саны жүз болса жаныңа қайтаман. Гүллер тоқсан тоғыз болса, меннен үмитиңди үз…
Солай етип, жигит кетипти. Қыз күн санап, сүйиклисин күтип жасапты. Алты айдан соң жигиттен шырайлы гүлдәсте келипти, гүлдәстеге хат қыстырылып қойылған екен. Қыз санаса гүллер тоқсан тоғыз шығыпты. Қайғыға көмилген қыз және алты айдан кейин басқа жигитке турмысқа шығыпты. Тап той күни жигит мүсәпирликтен қайтып келипти ҳәм сүйиклиси менен ушырасыпты.
- Неге мени күтпедиң?
- Гүллер тоқсан тоғыз шықтығой…
- Гүлдәсте қыстырылған хатты оқымадыңба?
- Санаўым тоқсан тоғызға шыққанында кеўлим қараңғыласып, хатта кеширим сөзлери бар деп ойладым. Ол ўақытта кеўлиме бундай жубатыўшы сөзлер сыймайтуғын еди. Сизден естелик сыпатында алып қойыппан, бирақ елеге шекем ашып оқыўғажүрегим бетлемейди, - депти қыз.
-Сен хатты ашып оқы! – деп жигит кетип қалыпты.
Қыз дәрҳал үйине қайтып, хатты ашыпты. Хатта үш аўыз сөзлер бар екен: “Жүзинши гүлим сенсең!”
Зүлфия Нурымбетова
Алтын гүз
Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...
Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң
Бухара, Самарқанд, Хийўа, Хорезм, Тарийхый дереклерге байдур елим, Ҳәтте таң қалдырған дүньяның жүзин, Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....