Меҳир мухаббаттың нағыз тулғасы,
Анаңның тербеткен бесиги Кабааң,
Сен жүзик болсаң ол оның қасы.
Мухаббат бағына киргизген сени,
Өмирлик қостарың саған қол қанат,
Сөнбейтуғын жалын жүрегиңдеги,
Кеўлиңе жубаныш мәңгиге ҳаял.
Муңайып қалғанда бетиңнен сүйип,
Қызың қуўанышың, жүрегиң еми,
Бақыт ҳәм мухаббат сезимин туйып,
Бақыт емеспе оның жайнап жүргени.
Ҳаялсыз жоғалар мәнис өмирде,
Ҳәр жерде ҳәрдайым сени қоллаған,
Бәрҳәма сениң жүрегиң төринде,
Ол перзент, ол ҳаял, ол анаң.
Шахимардан Турсынов.
Ko'z ashi'p tun'g'i'sh ret ko'rgenin' anan',
Mehr muxabbatti'n' nag'i'z tulg'asi,
Anan'ni'n' terbetken besigi Kabaan',
Sen ju'zik bolsan' wol woni'n' qasi'.
Muxabbat bag'i'na kirgizgen seni,
Wo'mirlik qostari'n' sag'an qol qanat,
So'nbeytug'i'n jali'n ju'regin'degi,
Kewlin'e jubani'sh ma'n'gige hayal.
Mun'ayi'p qalg'anda betin'nen su'yip,
Qi'z'i'n' quwani'shi'n', ju'regin' yemi,
Baqi't ha'm muxabbat sezimin tuyi'p,
Baqi't yemespe woni'n' jaynap ju'rgeni.
Hayalsi'z jog'alar ma'nis wo'mirde,
Ha'r jerde ha'rdayi'm seni qollag'an,
Ba'rha'ma senin' ju'regin' to'rinde,
Wol perzent, wol hayal, wol anan'.
Жалғызсаң
Неге бүгин жалғызсаң? Жубың қайда қарлығаш, Жуп болып келер едиңиз, Сайрап ҳәр күн хош ҳаўаз,...
Өмирим бәҳәри-әкем ҳәм анам
Ата-ана өмирдиң гүли емеспе? Олар алтын қуяштың нуры емеспе? Жаратыўшы тәбияттың күни емеспе? Өмирим бәҳәри-әкем ҳәм анам!...
Бахыт
Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....