Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға,
Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап,
Б-аба болып ертип жүриң қасыңызда.
А-пам менен узақ дәўран сүргейсиз,
Й-алғаншының кызықларын көргейсиз,
Ғ-аррылықтың ғәзийнеси ден-саўлық,
А-лдымызда саў-саламат жүргейсиз.
Мине бүгин жетпис беске шықтыңыз,
Машақатлы күнлерди де жықтыңыз.
Әке деген атқа мүнәсип болып,
Усы жолда талай терлер төктиңиз.
Ул-қызыңыз қонды уя-қыяға.
Бәри жақсы бир-биринен зыяда,
Ҳәзир олар бир шаңарақ ийеси,
Изиңизден жүрип барар пияда.
Ата-ана мәңгиликке керекли,
Омир-өлим тындырмайды жүректи.
Жүрегиңиз соға берсин өмир деп.
Сизге арнап жаздым усы тилекти.
Қутлы болсын ата туўылған күниңиз,
Муңаймасын нур шашылған жүзиңиз.
Қымбат саўға жақсы тилек емеспе.
Қосығымды меннен қабыл қылыңыз
Гөззал Ибраймова.
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Сағындым
Туўылып өскен ата-журтым Шымбайдың Сол баяғы соқпақларын сағындым, Бирге ойнап,бирге гүбелек қуўған, Көшемиздиң ул-қызларын сағындым....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Анама
Ана меҳри дәря,булақ сарқылмас Ана ушын бәрше теңеўлерде аз Ҳеш кимде ананың орынын баса алмас Аз болса да арнап сөз жаздым бираз...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....