Тутастырып бәрҳә болады бирге,
Аспаннан нур болып, гүл болған жерде,
Бир шымдым ийискелеп, тоймайман ана!
Аспанда қанат қағып сайраған қуспан,
Алдыңда бас ийер жәннетий бостан,
Басқан қәдемлериң болар гүлистан,
Гөззаллығың көрип, тоймайман ана!
Мейли меннен тәкирар сорасын дүнья,
Жанымды сиз ушын қылайын пидә,
Бир өмир сизден ҳеш болмайын жүда,
Себеби, сизди ҳеш қыймайман ана!
Сиз-өмиримде жалғыз, жарасықлы гүл,
Ҳәтте шаң баспаған, қонбаған бүлбил,
Жаннан кешсем де, сизден кешиўим мүшкил,
Себеби, сизди ҳеш қыймайман ана!
Бийбисара Худайназарова.
Әкежан
Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Жуўапсыз мухаббат
Мен сизди сүйемен сүйгеним рас Сиз мени ҳеш қашан сүймесеңизде Күте-күте көзлерим талыпты бираз, Бул дүняға қайта келмесеңизде....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....