Сиз мени ҳеш қашан сүймесеңизде
Күте-күте көзлерим талыпты бираз,
Бул дүняға қайта келмесеңизде.
Билемен жалғаннан сүймеймен дедиң
Кеткенимде сирә қыйналмасын деп
Соңғы демлериңде қасыңда едим,
Кешир деп жыладың даўсың дирилдеп.
Шыдай алмай шығып кеттим далаға,
Көз жасым өзиме бойсынбай атыр,
Шыпакерден сорадым,иләжи барма?
Деди ол-әжел менен гүресип жатыр.
Тәғдир неге мени сынайсаң бунша,
Сүйгеним дүняға көплик еттиме?
Еле азап берип қыйнайсаң қанша?
Я мениң де әжел күним жеттиме?
Гөззал Ибраймова.
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Кешир мени
Кеширалсаң кешир мени сүйгеним, Тағдир сынар екен буны билмедим. Ерип душпанымның жалған сөзине, Тойымызға разылық бермедим....
Өмир пасыллары
Өтер өмиримиздиң сансыз күнлери, Бирде шадлы бирде ғамлы түнлери, Балалық, өспирим, орта, ғаррылық, Төрт пасылдай гезеклесер ҳәр бири....
Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң
Бухара, Самарқанд, Хийўа, Хорезм, Тарийхый дереклерге байдур елим, Ҳәтте таң қалдырған дүньяның жүзин, Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң....
Қара көзлерим
Мөлдир қара көзлерде, Жүрек сыры бар еди. Сол жүреклер түбинде, Әрмәнлар қабат еди....