Тарийхый дереклерге байдур елим,
Ҳәтте таң қалдырған дүньяның жүзин,
Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң.
Тарийхына нәзер тасласаң егер,
Әскербасы Тимур, шайыр Алишер,
Жалалиддин Мангубердидей беклер,
Қорғаған ўатаным, нурлы мәканым.
Елим гөззалығың дүньяда тәнҳә,
Пидәмыз, садықпыз, қорғаймыз бәрҳә,
Теңи-тайың жоқдур сениң дүньяда,
Өзбекстан – ғәрезсиз ўатаным мениң.
Самарқандты дүнья жүзи тән алған,
Тарийх гүўасыдур Кеш ҳәм Марғылан,
Қарасаң қуяштай көз қамастырған,
Гүлленген, қуяшлы ўатаным мениң.
Гөззал Наманган гүллер қаласы,
Ферғана бул – бийик таўлар арасы,
Мийнеткешдур Андижанның баласы,
Ҳүрмет-иззетке толы ўатаным мениң.
Сахибжамал Есемуратова.
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...