Bul mobil menyu orni/ testing....


    Ўатаным
    Аспаныңда қанат қомлап ушсам деп,
    Қушағымда беккем сени қушсам деп,
    Кәне енди алақанда тутсам деп,
    Ер жетемен қушағыңда ўатаным.

    Әлпешлеп өсирген қызым, балам деп,
    Келешеги уллы теңсиз панам деп,
    Мен де сени жалғызым деп, анам деп,
    Ер жетемен қушағыңда ўатаным.

    Аспанда жайнаған сансыз жулдыз деп,
    Билемен өзиңди теңсиз қундыз деп,
    Жанып ҳәм куйесең улым, қызым деп,
    Перзентлериң сүйген уллы ўатаным.

    Перзентлерим журектеги арым деп,
    Келешекте болатуғын алым деп,
    Ақыл болың, тынбай қарыў салың деп,
    Жол көрсетер шырағымсаң ўатаным.

    Жас-әўладым болың, алғыр бүркит деп,
    Келген жаўды айбат пенен үркит деп,
    Нәсиятты берген ақыл маканым,
    Топырағы алтын болған ўатаным.

    Билемен өзиңди тәнде жаным деп,
    Тамырымда ағып турған қаным деп,
    Жер жүзин безеген гөззал бағым деп,
    Ер жетемен қушағыңда ўатаным.

    Жәҳәнге танылған макан болғай деп,
    Келешеги уллы ўатан болғай деп,
    Атамаң тарийхта мәңги қалғай деп,
    Тилеклеслик билдиремен маканым,
    Саған арнап қосық жаздым ўатаным!


    Жамалова Гүлзабира
    ҚМУ 2 курс студенти

    Poeziya bo'limi | 20-aprel, 2013 jıl
    Bul bet 2467 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң

    Бухара, Самарқанд, Хийўа, Хорезм, Тарийхый дереклерге байдур елим, Ҳәтте таң қалдырған дүньяның жүзин, Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң....

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Туўылған жерим

    Тек сенде туўылдым, камалға келдим, Ашық аспаныңды көрди бул көзим, Топырағыңда қалды дәслепки изим, Бийбаҳамсаң,анамсаң туўылған жерим,...

    Өзбекстаным

    Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...

    Қара көзлерим

    Мөлдир қара көзлерде, Жүрек сыры бар еди. Сол жүреклер түбинде, Әрмәнлар қабат еди....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Китаплар

    Кеўлимизге жайлар жаңа ойларды,
    Ашып берер ашылмаған сырларды,
    Өзиңде жәмлеген өткир қырларды,
    Билимниң булағы тек те китаплар.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 2644 ret ko'rildi


  • Аўыл ҳаққында айтыс

    ―Аҳўалың қалай алыстағы аўыллас,
    Қаладағы жерлесиңе хабарлас,
    Мен сорайын аўылдың күн көрисин,
    Айтып берши аўылыңның турмысын.

      
    01-noyabr, 2015 jıl. 2266 ret ko'rildi


  • Әлипбеге тәрийп

    А-ллам илҳәм берип дөреттим қосық,
    Ә-липбеге нәзер салып,жүректен юшып,
    Б-арлық гөззаллықты тәрийп етейин,
    Д-әптериме жүрек сырымды қосып.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2159 ret ko'rildi


  • Сағындым, сағынаман, сағынып жүрмен...

    Сағындым, сағынаман, сағынып жүрмен
    Сәўбетлескен көп ғаррылар топарын
    "Жигитлер" деп бир-бирине мүражат еткен
    Кемлеў қалган тислеринде көрсетип күлип

      
    13-avgust, 2013 jıl. 2085 ret ko'rildi


  • Qutlıqlaw: Gu’lmirag’a

    Ba’ha’rde ashılg’an na’zik gu’l bolıp,
    Bu’gin shıraylanıp do’nip turıpsan’,
    Ba’ha’r quyashında ju’zlerin’ ku’lip,
    Ba’ha’raydın’ shırayı bolıp turıpsan’.

      
    17-aprel, 2013 jıl. 1811 ret ko'rildi


  • Қутлуғ замон

    Шоирларга илҳомбағшсан,
    Кўнгилларга зар-нақшсан,
    Юлдузларга еттим учсам,
    Сен деганда , Мустақиллик.

      
    24-yanvar, 2015 jıl. 1778 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Берди маған өзгени, саған басқаны Л***

    Жарты жолда қалды сезим жалғаспады,
    Неге биздиң әрманлар иске аспады,
    Сен мени, мен сени дедик сонда да,
    Берди маған өзгени, саған басқаны.

      
    27-noyabr, 2015 jıl. 2104 ret ko'rildi


  • Тағдир жолында

    Айралық паслының музлары ерип,
    Көрген түслеримиз оңынан келип,
    Мухаббат бағының гүллерин терип,
    Биз және ушрастық тәғдир жолында.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2205 ret ko'rildi


  • Ashıqlıq zan’ı

    Ku’tpekten kewilim sharshadı,
    İmkansız esigin japtıma?
    Ko’zimde baxıt nurın shashadı,
    Qulıp o’z giltin taptıma?

      
    04-noyabr, 2015 jıl. 1654 ret ko'rildi


  • Мени еслеме

    Мен өткен жоллардан, изим излеме.
    Көрип қалсаң өтип кет, гәптен сөзлеме.
    Бахтың тилеп тапсырдым сени өзгеге,
    Өтинишим енди, мени еслеме.

      
    22-oktyabr, 2015 jıl. 2194 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.