Ашық аспаныңды көрди бул көзим,
Топырағыңда қалды дәслепки изим,
Бийбаҳамсаң,анамсаң туўылған жерим,
Сениң қушағыңда шадланып күлдим,
Алтын топырағыңда жуўырдым, жүрдим,
Сенде мийнетимниң рәҳәтин көрдим,
Бийбаҳамсаң,анамсаң туўылған жерим.
Сениң бағларыңда ашылды гүлим,
Келбетиңди көрип жайнады жузим,
Уллылығың соншелли жетпейди сөзим,
Бийбаҳамсаң, анамсаң туўылған жерим.
Узақларда жүрсем түсиме ендиң,
Сениң қәдириңди мен сонда билдим,
Узақлардан сени сағынып келдим,
Бийбаҳамсаң, анамсаң туўылған жерим.
Жамалова Гүлзабира
Қарақалпақстаным
Қ-ушағыңда туўылып камалға келдим, А-на сүтин емип тәрбия көрдим, Р-еспубликам жасларды қоллар мудамы, А-лла көз тиймесин бахтыма мениң....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Жалған сезимлер
Жасайсаң көзлеримниң қарасында Сенде мени еслейсеңбе арасында? Жүрегимди қыйнап, күйип-жанарман, Сен берген муҳаббаттың азабында....
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...