Жаза алмай қалыўымнан қорқаман.
Денсаўлықта ойнап күлип бир күни
Тура алмай қалыўымнан қорқаман.
Мениң қолым бәрине жетеди дейип,
Әси кетип жығылыўдан қорқаман.
Ең жақын достымның сөзине ерип,
Душпаныма тутылыўдан қорқаман.
Қарақалпак кийип алып басына
Өз қалпағын сатқанлардан қорқаман.
Анасынан Ерназар болып туўсада
Артқа қарап шегингенннен қорқаман.
Шаш өсирип сырға тақкан жигиттиң,
Юбка кийип алыўынан қорқаман.
Өз Ўатанын қорғап жүрип әскерлер,
Душпанына сатылыўдан қорқаман.
Ар-намысын умытып шақалақ атып,
Өз жолынан адасқаннан қорқаман.
Европаша кийим ҳәзир мода деп.
Ашық кийим кийгенлерден қорқаман.
Тийкарынан өзи мусылман болып
Ғайры динге бағынғаннан қорқаман.
Еки көзи көрип буны сезбеген,
Қәлби соқыр инсанлардан қорқаман.
Алпамыс, Едигениң урпағы болып,
Көз жас төккен арсыз ерден қорқаман.
Хожалығын таслап кетип тойынып.
Өзгелерге үйленгеннен қорқаман.
Күнде ишип келген еркектен емес,
Келешегин билмеген қыздан қорқаман.
Перзенти барлығын өзи де билмес,
Нәкасларға қосылыўдан қорқаман.
Ҳаялының жумысын өзлери ислеп,
Асханаға барған ерден қорқаман.
Ҳаял қызлар пул табыў жолларын излеп,
Матриархатты . баслаўынан қорқаман.
Өмирде таңлаған таўым асқарым,
Бир күн келип қулаўынан қорқаман.
Қыя бақпай менсинбеген инсаным
Буйрық берип турыўынан қорқаман.
Татыўлықта жасап келген халқыма,
Көзин сүзер душпанлардан қорқаман.
«Қарақалпақ жаслары» деген даңқына
Дақлар тийип кетиўинен қорқаман
Жаўызлардың өшип кеткен излерин
Заманласым даўамласа қорқаман.
Үмит пенен дөреткен усы сөзлерим,
Өз халқыма унамаса қорқаман.
Гөззал Ибраймова.
Жетимниң анасына
Сен де анамысаң гөззал перизат? Бөбек бағып ақ сүт берип көрмеген, Сениң бул жүрисиң шынында уят, Кеўили соқыр ар намысты билмеген....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Қурақ көрпеше
Анам тиккен қурақ көрпеше, Көздиң жаўын алады жайнап, Мийнет етип күни-түн нешше. Қурастырар бир-бирлеп жыйнап....
Алтын гүз
Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....