-Еҳ, сен бала енди,
Бул билимиң менен адам болмайсаң,
Оқыўшым көбирек үйренсин десем,
Айтқанымды ядыңда сақлап қалмайсаң.
Үйренсең, оқысаң өзиңе пайда,
Жүресең ең билгиш оқыўшы болып,
Сен болса бир бести алыўың қайда?
Ҳәттеки, бир пәнди меңгермей турып.
Үйге тапсырманы орынлап келмей,
Көзимше ҳәркимнен көширип жүрсең,
Мектепте оқыўшы көрмедим сендей,
Болмайма, тапсырманы орынлап келсең?
Класта ең зийрек оқыўшы болсаң,
Досларыңда сеннен өрнек алады,
Ҳәр күни сабақтан бес алып турсаң,
Устазларыңныңда кеўили толады.
Бул гәптен оқыўшы қалды ойланып,
Шынында, устаздың айтқаны дурыс,
Досларының бәри жақсы оқыса,
Жараспас өзине буныңдай жүрис.
Сол күннен қалдырмай ҳәр бир сабақты,
Оқыды, үйренди, терең меңгерди,
Бес алып, бәршени ҳайран қалдырып,
Тек, жақсы тәрепке қарай өзгерди.
Устазына айтты:
-Әзийз, устазым!
Айтқаныңды ядыңда сақлап қаламан,
Еледе изленип, китаплар оқып,
Мен енди, ең зийрек бала боламан!
Бийбисара Худайназарова.
Көзлериң жас төкпесин!
Қыял еткен арзыўларың әрман болса, Жас кеўилиң ҳәсиретлерге толған болса, Сен исенген ҳақыйқат-ол жалған болса, Өтинемен, көзлериң жас...
Бахыт
Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...
Қәйненелерге
Ене, келин ортасында, Бир өмирлик даў болар Сол себепли енелерге Айтатуғын сөзим бар....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....