Жер жүзине нурлы шуғласын жайып,
Өмирим бир күнге барар қысқарып,
Сонда да күтемиз таңды асығып.
Үмит етип жасап ҳәр атқан таңның,
Кеўимлимзге шадлық алып келерин,
Тилеймиз қызарып ҳәр батқан күнниң
Қайғы ғамымызды алып кетерин.
Бәлки кимлер ушын ақырғы таңдур.
Кимлер ушын таңдур асығып күтер,
Қуяшым жарқыра сөнбегил ҳасла,
Ҳәр ким пешанаға жазғанын көрер.
Гөззал Ибраймова.
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Анама
Ана меҳри дәря,булақ сарқылмас Ана ушын бәрше теңеўлерде аз Ҳеш кимде ананың орынын баса алмас Аз болса да арнап сөз жаздым бираз...
Жигит журты
Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...
Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң
Бухара, Самарқанд, Хийўа, Хорезм, Тарийхый дереклерге байдур елим, Ҳәтте таң қалдырған дүньяның жүзин, Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....