Студентлик — алтын дәўир! Усы алтын дәўир бахтына миясар болыў мыңлаған жаслардың арзыў әрманы. Быйылғы жылдың 12-июль сәнесинде Полат Ибраимов ҳәм Рахима Нийетуллаевалардың туңғышы Гүлназ ата-анасының исенимин ақлап, И.М.Губкин атындағы Россия мәмлекетлик нефть ҳәм газ университетиниң Ташкент филиалының экономика факультетине 283 ең жоқары балл менен 1-болып грант тийкарында оқыўға кириўге миясар болды.
Жаслардың, қалаберди пүткил миллеттиң келешегин белгилеп бериўши бул тест сынақ әсиресе, ата-аналар ушын ең толғаныслы демлер болып табылады. Гүлназды бәрқулла қоллап-қуўатлап, тилеклес болып келген кемпир апасы Қызларгүл Юсупбекованың да қуўанышының шеги жоқ. Университет қабыллаў комиссиясының тест нәтийжелерин илдирген тахтасынан ақлығының «жүзден жүйрик» болып ерискен жетискенлигин, сол ўақыттағы шексиз қуўанышын бирге бөлисиў бахты өз алдына.
Қарақалпақстанның барлық районларынан бул университетке жоқары балл менен грант тийкарында оқыўға киргенлер көпшиликти қурайды. Гүлназ университет бойынша барлық факультетлер ишинде ең жоқары балл топлаған болса, екинши балл көрсеткишин де 281 балл менен қарақалпақстанлы Арысланбек Сапарбаев ийеледи.
Халқымыздың «Болар бала бес жасынан белгили» деген нақылының әмелдеги тастыйығын Гүлназ мысалында көриўимизге болады. Себеби, ол пайтахтымыздағы 13-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқып жүрген оқыўшылық дәўиринен баслап сабақлардан айрықша баҳаларға оқығаны ҳәм жәмийетлик жумысларға белсене қатнасқаны ушын бәрқулла «Ҳүрмет жарлығы» менен хошаметленип барылды. Ол қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, рус тилинен пән олимпиадаларына турақлы қатнасып, ҳәр қыйлы пән айлықларында, «Ашық сабақ» өтиўде айрықша белсендилиги менен көзге түсип, пейзаж жанры бойынша сүўрет салыў жарысында, «Тазалық-денсаўлық гиреўи», «Ата-бабалар мийрасы-келешек тийкары» таңлаўларында жеңимпаз болды.
Ал, Қарақалпақ мәмлекетлик университети қасындағы академиялық лицейдиң математика-инглис тили бағдары бойынша анық пәнлер топарында 2014-2017-жыллар аралығында оқып, лицейдеги оқыўы менен бирге спорттың шахмат түри бойынша ҳәр қыйлы жарысларға қатнасып, өзиниң көп қырлы қәбилетин көрсете алды. Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы күни мүнәсибети менен, сондай-ақ, лицей көлеминде өткерилген шахмат бойынша ашық чемпионатларда, қызлар арасында өткерилген спорт жарысларында сыйлы орынларды ийелеп, диплом менен сыйлықланды.
Гүлназдың ата-анасына лицей директоры атынан жолланған мына «Миннетдаршылық хат» артықша тәрийп қалдырмас.
«Сизиң перзентиңиз лицейимиздиң оқыў, жәмийетлик ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумысларында белсене қатнасып, өзиниң пидайылығын, тәкирарланбас талантын ҳәм тырысқақлығын көрсете алды. Усындай дәрежеге ерисиўинде оны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап турғанлығыңыз лицейимиз жәмәәтиниң күшине күш, жигерине жигер қосады.
Бул өз гезегинде жәмийетимиз ҳәм мәмлекетимиздиң еледе гүллеп жаснаўына үлкен үлес қосыўын умытпаўыңызды қәлеймиз.»
Г.Ибраимова жетискенликлериниң тийкары биринши гезекте өзиниң әкеси, соң устазлары екенин айрықша ҳүрмет пенен тилге алады. Әсиресе, мектептеги, лицейдеги барлық муғаллимлерине, соның ишинде қәнигелик пәнлерди өзлестириўде хызметлери айрықша болған Зарафшан Әбдирашидова менен Арзайым Бердихановаға шексиз миннетдар.
Жоқары көрсеткиш пенен оқыўға кириў — китап, дәптер тинтип, уйқысыз өткен түнлери, өз үстинде бәрқулла изленислериниң нәтийжеси, әлбетте.
Гүлназ сыяқлы бүгин студентлик бахтына ерискен жаслар елимиз раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғынына исенимимиз кәмил. Бул жолда оларға әўмет күлип бақсын деймиз.
Г.ЖҮГИНИСОВА,журналист.
СҮЎРЕТТЕ: Г.Ибраимова.
Дерек: Еrkinkarakalpak.uz.
Бәлент шоққыларды гөзлеген қыз
Елимизде жаслардың ҳәр бир тараўда қолға киргизип атырған табыслары ҳәм жетискенликлери халқымызды үлкен қуўанышқа бөлмекте. Әсиресе, спорт...
Өз тилинди умытпа!
Ана тил-қатнасық, молшылық табыс, Ана тил-қанаат ар менен намыс, Ана тил-сын сыпат, мисли бир нағыс, Қайда болсаң, өз тилиңди умытпа....
Әкежан
Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...
Студентлик бахыт
Студентлик бахтына миясар болыў, Билдим бүгин қандай бахыт екенин. «Жүзден жүйрик,мыңнан тулпардай болып», Қатарыңнан алда болдың дегениң....
Жигит журты
Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...