Билдим бүгин қандай бахыт екенин.
«Жүзден жүйрик,мыңнан тулпардай болып»,
Қатарыңнан алда болдың дегениң.
Студентсең текте оқыў жумысың,
Алдағы мақсетиң анық болып тур,
Исенимин ақлап ата-анаңның,
Устазлар кеңесин бәрҳә алып жүр.
Келешек жаслардың қолында бүгин,
Барлық имкәниятлар қаратылып тур.
Өз үстиңде тынбай изленсең болды,
Көкте бизди қоллап жол көрсетер нур.
Бахытлысаң ғамхор саған журтбасың,
Өз ўақтында исенимди ақлай бил.
Мийнет етип илим-билим жолында,
Бахытлы заманда күлип-ойнап жүр.
Гөззал Ибраймова.
Жигит журты
Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...
Бахыт ҳәўес етсин маған
Көз тиймегей менде жүрек, Нийетлерге толы мәкән, Бирақ, Бахыт неге керек? Бахыт ҳәўес етсин маған....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Китаплар
Кеўлимизге жайлар жаңа ойларды, Ашып берер ашылмаған сырларды, Өзиңде жәмлеген өткир қырларды, Билимниң булағы тек те китаплар....
Қара көзлерим
Мөлдир қара көзлерде, Жүрек сыры бар еди. Сол жүреклер түбинде, Әрмәнлар қабат еди....