Енди сени жүрек умытпайды да,
Күнлер өтип қайғы қосып қайғыма,
Тәғдир аямады, көзим жаслады,
Берди маған өзгени, саған басқаны.
Мухаббаттан күткенлерим әрман болды,
Сезимим гүллери ашылмай солды,
Жүрегим қаншама қайғыға толды,
Қанша қыйналсамда тәғдир қоспады,
Берди маған ўөзгени, саған басқаны.
Мәңгиге жүректе қалады атың,
Өшпесин жүректе шын мухаббатың,
Бәрибир сен гүлим, сен мениң бахтым,
Берсин маған өзгени, саған басқаны,
Жүрек сүйе алмайды сеннен басқаны.
Шахимардан Турсынов.
Sensiz ku'nler wo'ter jani'm qayg'i'da
Yendi seni ju'rek umi'tpaydi' da
Ku'nler wo'tip qayg'i' qosi'p qayg'i'ma
Tag'dir ayamadi',ko'zim jasladi'
Berdi mag'an wo'zgeni,sag'an basqani'
Muxabbattan ku'tkenlerim a'rman boldi'
Sezimim gu'lleri ashi'lmay soldi'
Ju'regim qanshama qayg'i'g'a toldi'
Qansha qi'ynalsamda ta'g'dir qospadi'
Berdi mag'an wo'zgeni,sag'an basqani'
Ma'n'gige ju'rekte qaladi' ati'n'
Wo'shpesin ju'rekte shi'n muxabbati'n'
Ba'ribir sen gu'lim,sen menin' baxti'm
Bersin mag'an wo'zgeni,sag'an basqani'
Ju'rek su'ye almaydi' sennen basqani'
Берди маған өзгени, саған басқаны Л***
Жарты жолда қалды сезим жалғаспады, Неге биздиң әрманлар иске аспады, Сен мени, мен сени дедик сонда да, Берди маған өзгени, саған басқаны....
Бақытлы бол Л***
Бизге бақыт буйырмады деп, Өкинбе сен өзгермес бәри, Сеннен сорап өтинерим тек, Мени умытып кетпе жаным....
Seni esletti
Jawın jawar qayg’ıdadur juregim, Oyg’a keler o’tken shiyrin demlerim, Eske saldı seni usı tamshılar, Ayrılıqqa gu’wa bolg’an ku’nlerim....
Men izleymen...
Quwanıshpen qayg'ı o'tse basımnan, Tabılg'anda a'kem menin' qasımnan, Mehir berer wazıypasın umıtıp, Xabarsız ju'r ishten aqqan jasımnan....