Әсте ғана жерге жапырағын төгип,
Суўықты күтип алар, мүләйим күлип,
Батырлықты үйрет маған, алтын гүз.
Бир мәўсим айырылып жапырақтан,
Жүзлери сарғайып сағыныштан,
Өтип алыў ушын қаҳаман қыстан,
Төзимликти үйрет маған, алтын гүз.
Жапырағың сарғайып, түр-түске енип,
Жүзлерди сыйпалап самалың есип,
Әдепли, ийбели бир қыздай нәзик,
Гөззаллықты үйрет маған, алтын гүз.
Батырлығың, төзимиң ҳәм гөззаллығың,
Үйрет маған, сөзден маржанлар дизип,
Өзгеше йош ҳәм де илҳамлар берип,
Шайырлықты үйрет маған, алтын гүз.
Есемуратова Сахибжамал
Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң
Бухара, Самарқанд, Хийўа, Хорезм, Тарийхый дереклерге байдур елим, Ҳәтте таң қалдырған дүньяның жүзин, Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...