Сулыў сәнге бөленеди жерлериң,
Татлы ийис таратады гүллериң,
Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!
Келбетиңе ҳеш бир макан тең келмес,
Жаў қолында ада болар ел емес,
Перзентлериң сени ҳеш кимге бермес,
Қәдирдан, баўырман Өзбекстаным.
Ата – бабаң батыр болған әзелден,
Қартайса да қуўаты кетпеген белден,
Абзал көрген өзиңди жәннетли елден,
Бабалары яр болған Өзбекстаным.
Перзентлериң сениң намыслы –арлы,
Ўатанын сатпаған болса да жарлы,
Мәртликтиң нышаны уллы бостаным,
Келешеги бийик Өзбекстаным!
Бизлерге берилген бийбаҳа саўға,
Алланың инамы гөззал маканым.
Халқымның еби жоқ орынсыз даўға,
Мийримли халқың бар Өзбекстаным!
Елимниң кеўлиңде халықлар дослығы,
Тилинде жаңлайды миллий қосығы,
Минезиниң аз ғана бардур бослығы,
Перзентлерың ҳақ кеўил Өзбекстаным.
Төрт мәўсимде жайнап турар даласы,
Бийик –бийик жайға толы қаласы,
Анам дейди бесиктеги баласы,
Әўладларың сүйген Өзбекстаным!
Жамалова Гүлзабира
Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң
Бухара, Самарқанд, Хийўа, Хорезм, Тарийхый дереклерге байдур елим, Ҳәтте таң қалдырған дүньяның жүзин, Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Биринши муҳаббат
Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....
Ўатаным
Аспаныңда қанат қомлап ушсам деп, Қушағымда беккем сени қушсам деп, Кәне енди алақанда тутсам деп, Ер жетемен қушағыңда ўатаным....