Елимизде жаслардың ҳәр бир тараўда қолға киргизип атырған табыслары ҳәм жетискенликлери халқымызды үлкен қуўанышқа бөлмекте. Әсиресе, спорт тараўында өзлериниң қәбилетлери менен көплеген жетискенликлерге ерисип атырған жасларымызды мақтаныш пенен тилге алсақ арзыйды. Усындай келешегинен жақсы үмит күттиретуғын спортшыларымыздың бири Саятхан Төребаева болып табылады.
1999-жылы «Майжап» елатында туўылған ол, ҳәзирги ўақытта Шымбай агросанаат кәсип-өнер колледжиниң «Агрономия» қәнигелигинде тәлим алмақта. Спорттың дзю-до түри менен 2013-жылдан берли турақлы түрде шуғылланып киятырған оған гүрестиң әлўан түрли сырларын тренери Махсуд Пирниязов жалықпастан үйретип келмекте.
— 2013-жылы Өзбекистан Республикасы Конституциясына 21 жыл толыўы мүнәсибети менен райондағы балалар ҳәм өспиримлер спорт мектебинде спорттың гүрес түри бойынша өткерилген жарыста 1-орынды ийелеўим мениң спортқа деген қызығыўшылығымды және де арттырып, алға умтылыўға себепши болды, -дейди Саятхан Төребаева. — 2014-жыл Наманган ўалаятында өткерилген Балалар ҳәм өспиримлер спорт мектеплери оқыўшылары арасында дзю-до бойынша өткерилген жарыста 40 килограмм салмақта жеңимпаз болыўға еристим.
Саятхан дзю-до ҳәм миллий гүрес пенен бирге самбо менен де турақлы түрде шуғыланып келмекте. Әлбетте, усындай шынығыўлар өзиниң унамлы нәтийжелерин берип, ол бир қатар абырайлы жарысларда сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды. Атап айтқанда, 2015-жылдың 17-19-апрел күнлери Ташкент ўаләяты Бекабад қаласында самбо гүреси бойынша өткерилген Өзбекистан чемпионатында 44 кг салмақта 3-орынды қолға киритип, шөлкемлестириўшилердиң диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланған болса, 2015-жыл 11-13-май күнлери Қашқадәрья ўаләятының Қаршы қаласында өткерилген Өзбекистан чемпионатында да 44 кг салмақта барлық қарсыласларын жеңип шығып устазлары ҳәм ата-анасының исенимин ақлаўға еристи.
Бүгинги күни Саятхан Өзбекистан сайланды командасының ағзасы болып табылады. Ең қуўанышлысы ол 2015-жыл мәмлекетимиздеги ҳәр бир қыздың арзыўына айланған «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлықтың Қарақалпақстан Республикасы басқышында спорт бағдары бойынша жеңимпаз атанып, Өзбекистан Республикасы басқышына белсене қатнасып қайтты. Әлбетте, оның спорт тараўында ерискен усындай табыслары ата-анасы Қуўантхан Жийемуратов ҳәм Жәмийла Қуўатбаевалардың қоллап қуўатлаўы, устазларының, әсиресе, топар басшысы Б.Абдикаримованың берген дурыс тәлим-тәрбиясының, өзиниң спортқа болған қызығыўшылығының нәтийжеси деп ойлаймыз. Ол колледждиң үлгили оқыўшысы сыпатында оқыўшыларға өрнек болып, сабақтан бос ўақытларын мазмунлы өткериўге ҳәрекет етеди. Сондай-ақ, колледжде шөлкем¬лестирилген «Азада қызлар» дөгерегиниң белсенди ағзасы сыпатында ҳәр қыйлы кеше ҳәм жарысларға турақлы қатнасып, жақсы нәтийжелерге ерисип келмекте. Келешекте биз Саятханның спорт тараўында дүнья ареналарына шығып, жәҳән чемпионатларында елимиз байрағын бәлентлерге көтеретуғын спортшы болып жетисиўине исенемиз.
Гүлжәмийла ТЛЕПОВА,
Шымбай агросанаат кәсип-өнер колледжи ҳаял-қызлар Кеңеси басланғыш шөлкеми баслығы.
СҮЎРЕТТЕ: Саятхан Төребаева.
Дерек: erkinkarakalpak.uz
Регбишилеримиздиң табыслары
Соңғы жылларда елимизде раўажланып атырған спорт түрлериниң бири – регби болып табылады. Орынларда регби дөгереклериниң ашылып, оған мыңлап жасларымыздың...
Нәтийжели жумысларға мүнәсип баҳа
Өзбекистан Республикасы Президентиниң саўғасы ушын «Ташаббус» көрик таңлагы республикамызда 1996-жылдан баслап дәстүрий түрде өткерилип келинеди. Бул көрик-таңлаў...
Салықлар балалар нәзеринде
Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен салық билимданлығы ҳәм нызамлылығы бойынша балалар көз-қарасында дәслепки көнликпелерди...
Боксшыларымыздың табыслары
Жерлеслеримиздиң спорт түрлери бойынша қолға киргизген жетискенликлери ҳәм ийелеп атырған табыслары ҳәммемизди қуўандырады. Жақында ғана (2-7 август...
Қатнаспай қалды
Әкеси спорт түрлериниң бири бойынша жарысқа қатнасқан балаларының бөлмесине кирип сорады: -Жарысқа қатнасқаныңыз жақсы болды. Нешинши орынды...