Bul mobil menyu orni/ testing....


    Нәтийжели жумысларға мүнәсип баҳа
    Нәтийжели жумысларға мүнәсип баҳа

    Өзбекистан Республикасы Президентиниң саўғасы ушын «Ташаббус» көрик таңлагы республикамызда 1996-жылдан баслап дәстүрий түрде өткерилип келинеди. Бул көрик-таңлаў Өзбекистан РеспубликасыСаўда-санаат палатасы, Фермерлер Кеңеси, «Өнермент» аўқамы, сондай-ақ, басқа бир қатар министрликлер менен ведмостволардың бирге ислесиўи ҳәм финанслық көмегинде шөлкемлеститрилди.Бул таңлаў елимиздиң экономикасында жүз берип атырған унамлы өзгерислерди үгит-нәсиятлаў менен бирге, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

    Усы жыл 5-май күни Нөкисте “Ташаббус–2015” таңлаўының республикалық баскышы болып өтти. Таңлаўдың қала ҳәм районлық баскышларына “Ең жақсы исбилермен”, “Ең жаксы фермер”, “Ең жаксы өнермент” бағдарлары бойынша жәми 700ге жакын талабанлар қатнасып, олардан 44и республикалық баскышқа қатнасыў ҳуқықына ийе болған еди.

    Усы жылдың ҳүрметли Президентимиз тәрепинен “Кекселерди қәдирлеў жылы” деп белгилениўи мүнәсибети менен шөлкемлестирўшилер таңлаўға “Кексе исбилермен-Ташаббус ҳүрметинде”, “Кексе фермер¬- Ташаббус ҳүрметинде”, “Кексе өнермент- Ташаббус ҳүрметинде” номинациялары, сондай-ақ, жаслардың исбилерменлик пенен шуғылланыўын қоллап-қуўатлаў, олардың ислеп шығарып атырған өнимлериниң экспортын еле де раўажландырыў мақсетинде “Мениң журтым өнимлери жәҳән базарында” қосылғанын атап өтип, бул бойынша жеңимпазлар анықланып, олар диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланыўын атап өтти.

    Таңлаўда қала ҳәм район басқышы жеңимпазларының көргизбеси менен бирге азық-аўқат ҳәм аўыл-хожалық оңимлериниң саўда ярмаркалары шөлкемлестирилди. Ал, күнниң екинши ярымында “ташаббус–2015” таңлаў жарысының тийкарғы бағдарлары ҳәм басқа бир нешше номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланды. Тийкарғы “Ең жаксы исбилермен” бағдарында Қоңырат районынан «Қарақалпақ деликатестлери» («Каракалпакские деликатеси») ЖШЖ баслығы М.Турсунов, “Ең жақсы фермер” жөнелисинде Хожели районынан “Әдилбек” фермер хожалығы баслығы Ә.Абдирахманов, “Ең жақсы өнермент” бағдарында Шымбай районынан жеке исбилермен Н.Исмаиловлар биринши орынға ылайық деп табылып, 28-29-май күнлери Ташкент қаласында болып өтетуғын финаллық басқышқа жолламаны қолға киргизди ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

    Сондай-ақ, “Ең жақсы жас исбилермен”, “Ең жақсы исбилермен ҳаял”, “Ең жақсы инновациялық жойбар”, “Жасларға ең көп жумыфс орынын жаратқан исбилермен”, “Мениң журтым-мениң мақтанышым”, “Ең жақсы шанарақ бизнеси”, ҳәм “Ең жақсы экспортшы” сcszks номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланды.


    М.Чимбергенова.

    Megablog bo'limi | 17-may, 2015 jıl
    Bul bet 1765 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Бахыт

    Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...

    Атама саўға

    Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...

    Соңғы пушайман

    Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...

    Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Жақсы тилек

    Ҳәр атқан таңларым қуяшлы болып,
    Нурларын шашқанда жайнап әтирап,
    Кеўил қаналарын қуўанышқа толып,
    Бахыт ҳәм шадлықта жүргейсен ҳәр ўақ.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2424 ret ko'rildi


  • Watan

    Watan - sen gu’l ju’zli, mehriban ana,
    Ha’miyshe qushag’ın’ perzentke tolı,
    Watan- sen ba’rshege birsen’, bir dana,
    Keleshegi nurlı, haq aydın jolı.

      
    21-mart, 2014 jıl. 2287 ret ko'rildi


  • Jaslıqtın’ qa’dirin jaslıqta bilgil

    Jaslıqtın’ qa’dirin, jaslıqta bilgil,
    Qanatı jetilip ushpastan burın,
    Jaslıq bul tolısıp aqqan da’ryaday,
    Sol da’rya ag’ısıp tınbastan burın.

      
    02-may, 2013 jıl. 1802 ret ko'rildi


  • Ju'rek da'rtlerimdi qagazga berdim

    Ha’r na’rsenin’ eki jag’ı bolg’anday.
    Aq-qaranı ayıralmay qalg’anday.
    Jaqsı-jaman parıqsız bolıp qalg’anday.
    Tu’sinbey sorawım qag’azg’a berdim.

      
    13-avgust, 2015 jıl. 2015 ret ko'rildi


  • Қарақалпақстаным

    Қ-ушағыңда туўылып камалға келдим,
    А-на сүтин емип тәрбия көрдим,
    Р-еспубликам жасларды қоллар мудамы,
    А-лла көз тиймесин бахтыма мениң.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 5761 ret ko'rildi


  • O’zbekiston

    Nurlidir bizning bo’ston,
    Nomi olamga doston.
    Jonimiz senga qurbon,
    Vatanim O’zbekiston!

      
    06-yanvar, 2015 jıl. 2474 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Malikam menin’

    M a’jnu’n edim saxranı jalg’ız gezgen
    A shıqpan romeo kibi janın bergen
    L a’ylim bolarmısan’ ma’jnu’ndi su’ygen
    İ nsan jasay almas jubaysız bilsen’

      
    20-avgust, 2013 jıl. 2045 ret ko'rildi


  • Cоғиндим

    Нега кўнғироқ қилмайсиз энди,
    Соғинганим билмайсиз энди,
    Устимдан ҳеч кулмайсиз энди,
    Жоним сизни ёмон соғиндим.

      
    22-aprel, 2013 jıl. 1761 ret ko'rildi


  • Ярым қайдасаң

    Сырлы қарасларың жанды алғандай,
    Сағыныштан бул журегим талғандай,
    Өзиңсиз журегим ҳүўлеп қалғандай,
    Журегимниң ийеси,ярым қайдасаң.

      
    28-aprel, 2013 jıl. 2454 ret ko'rildi


  • Оловлар ичра

    Бу кўзлар аёвсиз қийнашар мени,
    Кулиб ўйнасалар,куйиб юраман.
    Мажруҳ юрагимдан талашар нени,
    Оловлар ичинда суйиб юраман.

      
    27-noyabr, 2015 jıl. 1657 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.