Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин,
Бул мәканның топырағын излерин,
Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр ўақыт,
Аман-саў жүргенниң өзи бир бахыт!
Сени қоллап-қуўатласа досларың,
Ҳеш жаманлық қыла алмайды душпаның,
Соның өзи бийик шыңнан асқаның,
Биринен кем болсаң, биринен асып,
Жүргениңниң өзи-үлкен бир бахыт!
Өмирдиң мазмуны ата ҳәм ана,
Таба алмайсаң олардай ақыллы, дана,
Саған қанат мудам төбеңде пана,
Балам деп қайғырар олар ҳәр ўақыт,
Ата-анаң бар болса бул нағыз бахыт!
Елде тынышлық болса турмыс абадан,
Қайда қолды созсаң жетеди мудам,
Инсанларда болса сабыр ҳәм шыдам,
Кеўил дәрьясы турса толқынлап, тасып,
Ҳәр алған демимиз сондай бир бахыт!
Бийбисара Худайназарова.
Қәйненелерге
Ене, келин ортасында, Бир өмирлик даў болар Сол себепли енелерге Айтатуғын сөзим бар....
Студентлик бахыт
Студентлик бахтына миясар болыў, Билдим бүгин қандай бахыт екенин. «Жүзден жүйрик,мыңнан тулпардай болып», Қатарыңнан алда болдың дегениң....
Бахыт ҳәўес етсин маған
Көз тиймегей менде жүрек, Нийетлерге толы мәкән, Бирақ, Бахыт неге керек? Бахыт ҳәўес етсин маған....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Биринши муҳаббат
Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....