Жүреклердиң тарын шертеди,
Нама шалған,соңғы қоңыраў,
Ойларымды алып кетеди.
Бирге жүрген жақын досларым,
Ойласларым ҳәм сырласларым.
Сөз айталмай көз бенен атып,
Үнсиз бақлар классласларым.
Хош қалың деп ана-мектебим,
Айтыў қыйын екен соншелли,
Қушағыңда откен тоғыз жыл,
Болмады ғой бир күнде шелли.
Көзимизде қыймас көз жасы,
Кеўилимизде иләҳий сезим.
Мектептеги соңғы қоңыраў,
Келешекке жол силте өзиң.
Хош қал енди ана-мектебим,
Сыңғырласын соңғы қоңыраў.
Қанат жайған қарлығашларың
Баўырыңа қайтсын аман саў.
Гөззал Ибраймова.
Иләҳий сезим
Мухаббат бул-иләҳий сезим, Қашан келер буны билмейсең, Қыялыңды жаўлаған жигит, Сөз салғанда көзге илмейсен....
Жигит журты
Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...