Кеўиллерде зер нағышсаң,
Жулдызларға жеттим ушсам,
Сен дегенде, Ғәрезсизлик.
Уйқылағысы келмей бала,
Бас ушында дилгир ана,
Жыр дөрейди жаңа-жаңа,
Сен дегенде, Ғәрезсизлик.
Биз әўлады Берунийдиң,
Даўамшысы Темурийдиң
Тәни аман, жаны аман,
Перзентлери Уллы үйдиң.
Улуғбеклер салып кеткен,
Жулдызлар аспаны өзиң,
Наўайылар қалып кеткен,
Ғәзеллер бостаны өзиң.
Бердақтың дуўтарының,
Сазысаң жәҳәнге жеткен,
Ярына,Әжинияздың,
Базысаң арнаў еткен.
Мен буларды биле турып,
Қалайынша гүл ашпайын?
Байшубарды мине турып,
БАХЫТ пенен жарыспайын?
Ис етемен қатун болып,
Тумаристей ақыл болып,
Гүлайымдай батыр болып,
Сен дегенде, Ғәрезсизлик.
Жас кеўили- мисли умман,
Толқыйды, тасады мудам,
Дегим келер: «Қутлы заман!»
Сен дегенде, Ғәрезсизлик.
Гүлзада Өтениязова
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Жаңа жыл
Ғәрезсизлик басланғанлы елимде Еркинлик сезими жасар кеўилде. Мине бүгин жигирмаға толмақта Жаңа жылым бахыт берсин ҳәр үйге....
Қорқаман
Бүгин қосық жазып ертеңги күни Жаза алмай қалыўымнан қорқаман. Денсаўлықта ойнап күлип бир күни Тура алмай қалыўымнан қорқаман....
Қәйненелерге
Ене, келин ортасында, Бир өмирлик даў болар Сол себепли енелерге Айтатуғын сөзим бар....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....