Сулыўлықты тек өзиңде жараттың.
Жеталмастан қайрылыпты қанатып.
Қайлардасаң мениң пәк мухаббатым.
Жүрегимниң төринен орын алған.
Исмиң кеўилимде мәнгиге қалған.
Бул кең дүнья негизи кем жаралған.
Кең дүньяның кемиси мухаббатым.
Жүзлериңди еркелеп ҳеш сүйеалмадым.
Көзлериңе телмирип ҳеш тоялмадым.
Күлимсиреп турғаның умыталмадым.
Әрман болып қалғансаң мухаббытым.
Айлы түнде жаным сени еслесем.
Табалмайман сирә сени излесем.
Исмиң айтып шақырсамда келмейсең.
Үнсиз жылап излейди мухаббатым.
Сүйемен деп айтқанларың ядымда,
Менде саған әрман болып қалдым ба.
Бахыт тилеп қалдым сениң артыңда,
Сүйгениңе садық бол мухаббатым.
Мирбек Пазылов.
Жалғызсаң
Неге бүгин жалғызсаң? Жубың қайда қарлығаш, Жуп болып келер едиңиз, Сайрап ҳәр күн хош ҳаўаз,...
Көзлериң жас төкпесин!
Қыял еткен арзыўларың әрман болса, Жас кеўилиң ҳәсиретлерге толған болса, Сен исенген ҳақыйқат-ол жалған болса, Өтинемен, көзлериң жас...
Мени еслеме
Мен өткен жоллардан, изим излеме. Көрип қалсаң өтип кет, гәптен сөзлеме. Бахтың тилеп тапсырдым сени өзгеге, Өтинишим енди, мени еслеме....
Бахыт
Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...
Үмит ушқыны (монолог)
Кешир… Сени тыныш қоялмайман, Буның ҳеште илажи жоқ, Мен басқасын сүйе алмайман,...