Bul mobil menyu orni/ testing....


    Аўыл ҳаялының бир күни
    Таң атыўдан үйдиң алдын сыпырып,
    Малларында барып саўып келеди.
    Балларында оятады бир-бирлеп,
    Ыссы ғана шайын демлеп береди.

    Ҳәммесин тум-тусқа узатып салып,
    Айланады ақыры жоқ жумысқа.
    Үй жыйнап, дән салып таўықларына,
    Жем береди баспақ, ылақларына.

    Саўылған сүтлерин писирип алып,
    Жыллылай уйытып, қатық қылады.
    Жыйналған қаймақтан гүбисин писип,
    Сары май, айраны тайын болады.

    Тигиў машинаға отырып алып,
    Ул-қызының көйлеклерин тигеди.
    Қандай усыл мода екен бул күнде?
    Қыял сүрип дизайнирлик етеди.

    Кир жуўады, тақтайлайды утюглеп,
    Кийиў ушын таяр қылып қояды.
    Түс жақынлар кирип асханасына,
    Аўқат, шайын тезде тайын қылады.

    Түстен кейин бәри және тарқасар,
    Бири оқыўына, бири жумысқа.
    Айланысар ҳаял иске қайтадан,
    Бәри керек күнделикли турмысқа.

    Жуўған көрпешеси кеўип қалыпты,
    Пахта салып, тағы сырып қоймақта.
    Азадалық ден саўлықтың гиреўи.
    Қазан-табағында жуўды сол ўақта.

    Егер ун таўсылса сомар табаққа,
    Унды елеп,қамыр ийлеп баслайды.
    Тандырға от жағып, шықса ҳәўири,
    Қып-қызыл шөреклер жаўып таслайды.

    Ери гейде шаршап келип жумыстан,
    Не иследиң? - дейди, қарап отырып,
    Көзге көринбейди үйдиң жумысы,
    Өзи билмейдиғой ислемей турып.

    Кеш киреди бәри келер тум-тустан,
    Басланар бир майдан ғала-ғаўырлы.
    Мал-ешки, ылағым түўелме екен,
    Излеп қайтар, келмей қалған таўығын.

    Бәрин жайғастырып киреди үйге,
    Ҳәмме қуўанышлы ислериненде.
    Кимиси «бес» алған, кимиси «алғыс»,
    Дәстурхан жағалап, отырар бирге.

    Шүкирлигин айтып қәдир-қудадан,
    Берекет, ден-саўлық, тынышлық тилер.
    Шаршағаны шығып, кеўили жай таўып,
    Көзлери жумылып уйқиға кетер.


    Гөззал Ибраймова.

    Poeziya bo'limi | 01-avgust, 2014 jıl
    Bul bet 2384 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Жигит журты

    Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...

    Әлипбеге тәрийп

    А-ллам илҳәм берип дөреттим қосық, Ә-липбеге нәзер салып,жүректен юшып, Б-арлық гөззаллықты тәрийп етейин, Д-әптериме жүрек сырымды қосып....

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Қара көзлерим

    Мөлдир қара көзлерде, Жүрек сыры бар еди. Сол жүреклер түбинде, Әрмәнлар қабат еди....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Сиңлим ҳәм мен

    Отырсам радиодан жаңалық еситип,
    Жас жигит қосығын айта баслады.
    Деген ўақта «Тек бир мәрте гөгек бер»
    Сиңлим ҳайран болып саўал таслады.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3547 ret ko'rildi


  • Bobojon

    Yuragimda to’la faxr iftixor
    Ollohimga bo’lsin shukurlar ming bor…
    Sofdil qalbi tiniq,suvday beg’ubor,
    Baxtliman,dunyoda sizday bobom bor!!!

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1550 ret ko'rildi


  • Таң

    Мине атты тағы бир таң әжайып,
    Жер жүзине нурлы шуғласын жайып,
    Өмирим бир күнге барар қысқарып,
    Сонда да күтемиз таңды асығып.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 1932 ret ko'rildi


  • Қорқаман

    Бүгин қосық жазып ертеңги күни
    Жаза алмай қалыўымнан қорқаман.
    Денсаўлықта ойнап күлип бир күни
    Тура алмай қалыўымнан қорқаман.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 4960 ret ko'rildi


  • Таллар

    Жасыллық мәўсими келген мәҳәл,
    Ағам менен бирге нәллер еккенбиз,
    Ҳәр жылы үлкемизге келгенде бәҳәр,
    Олар менен гүллеп бирге өскенбиз.

      
    11-may, 2013 jıl. 1871 ret ko'rildi


  • Qor

    Qor yog’ar dillarni yayratib
    Qalbimda quvonchim kuylatib
    Sen go’yo shodligim elchisi
    Bir olam quvon chim kuychisi.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1748 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Ashıqlıq zan’ı

    Ku’tpekten kewilim sharshadı,
    İmkansız esigin japtıma?
    Ko’zimde baxıt nurın shashadı,
    Qulıp o’z giltin taptıma?

      
    04-noyabr, 2015 jıl. 1654 ret ko'rildi


  • Muhabbat- kewilge miyman

    O’zimnen o’zgege ha’rgiz isenbey,
    U’nsiz qıyallarım boldı da’rtlesim,
    Ha’tte tu’slerime sa’wlesi enbey,
    Bir ko’rip, bilgenim boldı sha’rtlesim.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 1776 ret ko'rildi


  • Nega?!

    Ummondagi suvdayin jo’shgim keladi,
    Daraxtdagi mevadayin o’sgim keladi,
    Insonlarni quchgandayin quchgim keladi,
    Nega ayting sizni ko’rgim keladi?!

      
    19-mart, 2013 jıl. 2300 ret ko'rildi


  • Тағдир жолында

    Айралық паслының музлары ерип,
    Көрген түслеримиз оңынан келип,
    Мухаббат бағының гүллерин терип,
    Биз және ушрастық тәғдир жолында.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2206 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.