Сени тыныш қоялмайман,
Буның ҳеште илажи жоқ,
Мен басқасын сүйе алмайман,
Жүректе басқаға орын жоқ,
Сени сағындым…
Көзлеримде мөлдир жас,
Ҳеш тыйылмас,
Күтемен, бул өмирде,
Ҳеш ким журекке буйрық бере алмас.
Неге…
Неге бул сорлы жүрек ,
Тек сени сүйеди, тек сени,
Журекке көмемен сениң атыңды,
Енди оны ҳеш ким биле алмас.
Жүрегимди бир сөз ғана жубатады,
Ол Умит!,
Умит ушкыны,
Таңларым сол ушқын менен атады,
Қуяшым сол ушқын менен батады,
Жүректеги бул ушқын ҳасла сөнбейди,
Себеби жүрегим айрылыққа сира көнбейди,
Дуньяда бир ҳақыйқат бар,
Мен сени сүйемен!
Мухаббатым шын,
Сен буған бийпарық болма,
Маған исен!
Гүманланба дым.
Туримбаева Мийргул
ҚМУ Филология факультети I-курс студенти
Қарақалпақта
Үстинде бар нағышлы киймешеги, Маржан тақыя жарасықлы пөпеги, Келиншеклер кийер жегде жипекли, Көк көйлекли қызлар қарақалпақта....
Жалған сезимлер
Жасайсаң көзлеримниң қарасында Сенде мени еслейсеңбе арасында? Жүрегимди қыйнап, күйип-жанарман, Сен берген муҳаббаттың азабында....
Биринши муҳаббат
Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....
Туўылған жерим
Тек сенде туўылдым, камалға келдим, Ашық аспаныңды көрди бул көзим, Топырағыңда қалды дәслепки изим, Бийбаҳамсаң,анамсаң туўылған жерим,...