Сенде мени еслейсеңбе арасында?
Жүрегимди қыйнап, күйип-жанарман,
Сен берген муҳаббаттың азабында.
Көзимдеги уйқыдан да айырдың,
Қағып турған қанатымды қайырдың,
Жүрегимниң дәртлерин сен тусинбей,
Төрт мүшемди бир дегенде майырдың.
Қайғылар кемирер мениң басымды,
Сениң дәртиң ағартты бул шашымды,
Жалған сезимлерге исенип еди,
Жалғыз өзим терип жүрмен тасымды.
Жамалова Гулзабира
Муҳаббат
Гезлескенде ең дәслеп айдын көшеде, Тийилип қарадың мениң көзиме, Сырлы нәзер таслап, кулип жузиме, Жүректе из қалдырдың өшпес муҳаббат....
Ярым қайдасаң
Сырлы қарасларың жанды алғандай, Сағыныштан бул журегим талғандай, Өзиңсиз журегим ҳүўлеп қалғандай, Журегимниң ийеси,ярым қайдасаң....
Туўылған жерим
Тек сенде туўылдым, камалға келдим, Ашық аспаныңды көрди бул көзим, Топырағыңда қалды дәслепки изим, Бийбаҳамсаң,анамсаң туўылған жерим,...
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...