Енди кимге арнап, бағдан гүллер теремен,
Сораўым бар жуўапсыз, жуўабын мен билмеймен,
Сенсизликке енди қалай?, енди қалай көнемен.
Бирге өткен жоллардан енди жалғыз келермен,
Қайтып келмеслигиңди, оны жақсы билемен,
Сораўым бар жуўабын әтираптан излеймен,
Сенсизликке енди қалай?, енди қалай көнемен.
Кәраматлы дүньяның, кәраматы қайда қалды
Кеўлимди зар жылытып, жүрегимнен жулып алды,
Шығарып еди дәрттен, қайтып дәртке өзи салды,
Енди бул жүрегимде, жуўабы жоқ сораў қалды.
Сенсизликке енди қалай?, енди қалай көнемен?
Нуржигит 18.10.15
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Достыма жуўап
Дос деўгеде енди бармайды тилим, От болып өртенди бүгин кеўилим, Жигит пенен қызлар дос бола алмас Жақсы қалың, достым сөнди үмитим....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Сағыныш
Жылаймызда енди төркинлеп барсақ Себеп табылады оннан ғам жемең Шаўып тасланыпты сол үлкен терек Ҳеш ким керек емес! Керек сол терек!...