С.б: Сәлем сизге уллы Наўқыран әўлад ,
Танысаңыз сораў белги боламан.
Бир-еки сораўым бар рухсат етиң.
Жуўап берсең шадлықларға толаман.
Н.ә: Ўалейкум-ассалам,сораў белгиси,
Сизди көриўден-ақ дәрҳал таныдым.
Қандай сораўың бар тартынбаң хеште,
Биз жуўап беремиз не десеңизде.
С.б:Төбем көкке жетти бул сөзиңизден,
Жыллылықты сездим жүзлериңизден,
Сонда да сорайын наўқыран әўлад,
Сизге жаратылған не ушын имканият?
Н.ә: Бул сөзиңиз туўры.жүдә орынлы,
Наўқыран әўладпыз елимиз гүли,
Гүлге қарамаса гул көркейерме!
Жақсы түсинеди елимиз буны.
С.б:Билип турман халқыңыз дана екенин
Сиздей перзентлери мысалдур буған,
Басқа сораўым жоқ ең ақырғысы,
Мақсетиңиз недур алдыға қойған?
Н.ә:Қуяшлы үлкемиз Өзбекстанды
Гүл киби жайнатып гүллентпекшимиз.
Гүлим деп әлпешлеген дана халқыма,
Алға өрлеймиз днп сөз бермекшимиз.
С.б:Хош қалыңыз мейли наўқыран әўлад,
Сизлер менен сырласып кеўилим толды.
Орынлансын алдағы мақсетлериңиз,
Туўры көрсетипти сизлерге жолды.
Ибраймова Гөззал.
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Қарақалпақстаным
Қ-ушағыңда туўылып камалға келдим, А-на сүтин емип тәрбия көрдим, Р-еспубликам жасларды қоллар мудамы, А-лла көз тиймесин бахтыма мениң....
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Дайыма
Бир дайым бар көзлери күлимлеген, Қарақалпақ тилинен сабақ береди. Қыдырып барғанда гейде үйине, Түрли сораўларды бастан үйеди....
Жигит журты
Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...