Артта қалган сол бир қәте шалалық,
Енди бизди байлап турар аралық,
Шын досларым мен сизлерди сағынаман.
Умтылғанман болыў ушын билимдан,
Үлгергенмен оқыў баслар жылымнан,
Оқытыўшым жақынсаң-аў, жанымнан
Муғаллимим мен сизлерди сағынаман.
Питкериўши болып бизлер кетсек те,
Ең бахытлы демлер қалды мектепте,
Ҳеш бир мәнзил жеткермейди мектепке,
Жан мектебим мен өзиңди сағынаман.
Жаңа мәнзил, жаңа дунья, жаңа күн,
Өзге оқыў дәргайында биз бүгин,
Бирақта, умытып кетпеслик ушын,
Сол бахытлы демлеримди сағынаман.
Есиңдеме, мектебим, сол дәўирим?
Тәрк етсем де, басылмай ҳеш хәўирим,
Қумсайбердим оқыўшылық дәўирин,
Сенде өткен дәўиримди сағынаман.
Есиңдеме, үш қыз бирге дос едик,
Ҳешким бизди айырмастай көз едик,
Тилге питкен маржан-маржан сөз едик,
Қәдирданым, мен сизлерди сағынаман.
Бийбисара Худайназарова.
Әкежан
Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Сиңлим ҳәм мен
Отырсам радиодан жаңалық еситип, Жас жигит қосығын айта баслады. Деген ўақта «Тек бир мәрте гөгек бер» Сиңлим ҳайран болып саўал таслады....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Сағындым, сағынаман, сағынып жүрмен...
Сағындым, сағынаман, сағынып жүрмен Сәўбетлескен көп ғаррылар топарын "Жигитлер" деп бир-бирине мүражат еткен Кемлеў қалган тислеринде көрсетип күлип...