Ушраттым кеўилим аңсаған қызды
Қарап көзлерине көзим түскенде
Жүрегим үзилип кеткендей болды
Қаслары жай,кирпиги оқ көзи нур
Ақылымды алды назлы күлкиси
Қызлардын ишинде айрықша бир ҳүр
Кеўилиңе жағады ислеген иси
Қыялымды алған әй гөззал жанан,
Сөзиме қулак сал, бизге бир қара,
Жүрегим өртенип ышқыңда жанар
Мухаббат дәртине қылдың муфтала
Ғәрибиң болайын, Шаҳсәнем болсаң,
Опалың болайын маған яр болсаң,
Кетейин дүняның арғы шетине,
Қол усласып бирге жанымда турсаң.
Гөззал Ибраймова.
Жетимниң анасына
Сен де анамысаң гөззал перизат? Бөбек бағып ақ сүт берип көрмеген, Сениң бул жүрисиң шынында уят, Кеўили соқыр ар намысты билмеген....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Сулыў қызлар
Күнде көшемизден өтер көп қызлар, Ҳәр қыз өткен сайын жүрегим музлар, Қасларын қағады наз етип бираз, Қабақларын үйселер денемиз...
Иләҳий сезим
Мухаббат бул-иләҳий сезим, Қашан келер буны билмейсең, Қыялыңды жаўлаған жигит, Сөз салғанда көзге илмейсен....
Жигит журты
Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...