Bul mobil menyu orni/ testing....


    Ана (поэма)
    поэма Анам Гулайшаға

    Туўылғансаң анажан,
    Арал теңиз ишинде.
    “Мерген атаў” толқыны,
    Еле енер түсиңе.
    Аўы жүрген әкеңиз,
    Балықшыға “хан” болған,
    Бир қыз бенен бир улды,
    Алла салған пешине.

    Теңиздиң сап ҳаўасы,
    Зийрек ақыл сыйлаған.
    Жазда айдын, қыста муз,
    Тынық болған айнадан.
    Атаўдың ул-қызлары,
    Әрман еткен қанатты.
    “Темир қус”ты басқарып,
    Тез ушыўды ойлаған.

    Анаңыздың қолы гүл,
    Шебер болды, туяна.
    Үлкен бахыт, мәртебе,
    Тар маңлайға сыяма?
    Ултанында қайықтың,
    Туўлап таслы бекире,
    Бир урғанда атамды,
    Жазым еткен әрманда.

    “Жесир қатын, жетим ул,
    Алыс Мойнақ орайың.
    Со әдира қалсын деп,
    Балықшылық илайым!”,
    Жалғызлатып қалдырмай,
    Карындасын атаўда,
    Тез көширип әкелген,
    Дәўқараға, бир дайың.

    ...Сөйтип апа, теңизден,
    Елге көшип келген соң,
    Аты өшкир урыстың,
    Тәшўишин көп көргенсең.
    Қыйынлықтан қатайған,
    Аты шыққан шабандоз,
    Көзге түскен әкеме,
    Өмирлик қол бергенсең.

    Ушығадай қәстерлеп,
    Мениң кемпир апамды,
    Пәтиясын алғансаң,
    Халық берген баҳаңды.
    Жақсы атың жайылған,
    Қоңсы-қоба, аўылға,
    Сыйлап үлкен, кишини,
    Ата-баба, мәканды.

    Таң саз берсе шығыстан,
    Қыйдың татлы уйқыны.
    Мийнет еттиң, тынбадың,
    Болса да сол қай куни.
    Темир печьке от жағып,
    Ул-қызыңды оятып,
    Суўысын деп кесеге,
    Қояр едиң шай қуйып.

    Қыста қоңсы ҳаяллар,
    Мәшабаңды мақтады.
    Уршығыңды ийирип,
    Шигитлести пахтаңды.
    Кийиз басты қызларың,
    Қосық айтып шад болып,
    Төсек болды текиймет,
    Нағыслары лаплады.

    Ерте менен атланып,
    Жазда пахта, далам деп,
    Сөк жибитип кетер-ең,
    “Сүт қуйып иш балам” деп,
    Свет те жоқ, газ де жоқ,
    Сол жыллары өстик биз,
    Күнде моржа тазалап,
    Бир мақтасын анам деп.

    Шаңқай түсте тоқыдың
    Шыпта менен шийиңди.
    Басқур тоқып безедиң,
    Бес қанат боз үйиңди.
    Айран атлап күн ара,
    Гүби писип май алдың,
    Дигирманда ун тартсаң,
    Зағараң дым тойымлы.

    Қысы менен тынбадық,
    Қызық ойын сырғанақ.
    Шана теўип жығылдық,
    Кийимлер муз сабалақ,
    Еринбестен тазалап,
    Отқа жайып кептирип,
    Ерте таңда оқыўдан,
    Қалдырмадың сен бирақ.

    Тоғыз перзент ержеттик,
    Бир-биринен зейинли.
    Оқыймыз деп умтылып,
    Жеңдик барлық қыйынды,
    Қызың қонса қыяға,
    Улың өсип уяда,
    Бәлент болды нәзериң,
    Ҳадал нийет буйырды.

    Ул-қызыңда мийнеткеш,
    Әкемиздиң қаны бар.
    Бизге қуўат-тилегиң,
    Ақ пәтияң тағы бар,
    Қосық жазсам қуўанып,
    Мақтанарман өзиңе,
    Анам мениң Кабамсаң –
    Сыйынар да, сағынар.

    Кем болмады ҳеш кимнен,
    Ақылың, күш-ғайратың.
    Гүўасы сол- ордениң,
    Қос медалың, “Шуҳрат”ың.
    Мәртебең бар аўылда,
    Той-мереке, жыйында,
    Жол көрсеткиш жулдыздай,
    Бизге сениң саўлатың.

    Бир мийўели дарақсаң,
    Дөгерекке сән берген.
    Тамырдан нәл көбейтип,
    Өмир берген, жан берген.
    Нәрестениң ең дәслеп,
    Айтар сөзисең Ана!
    Қарыздармыз алдыңда,
    Бәрше саған тән берген!


    Жуманияз Өтениязов.

    Poeziya bo'limi | 04-may, 2016 jıl
    Bul bet 2233 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +5


    mira 5 may 2016 00:46

    jaqsi jazilippti.

    Әкежан

    Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...

    Атама саўға

    Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...

    Қәйненелерге

    Ене, келин ортасында, Бир өмирлик даў болар Сол себепли енелерге Айтатуғын сөзим бар....

    Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....

    Қара көзлерим

    Мөлдир қара көзлерде, Жүрек сыры бар еди. Сол жүреклер түбинде, Әрмәнлар қабат еди....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Na’zer

    Qıyal jeteledi ayna aldına,
    Ha’m go’zzal ta’biyat na’zerim tarttı,
    Son’g’ı japıraqları qalıp taldın’da,
    Jelkeme turmıstın’ ju’klerin arttı.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 4411 ret ko'rildi


  • İshki debdiw

    “O’tsem eken qay jerinen bul qumnın’?
    Barsam” – degen, “qaysı turg’an iz benen?”.
    Tamshısıman ag’ıp turg’an Jayhunnın’,
    Ten’izge barıwg’a soqpaq izlegen.

      
    07-sentyabr, 2015 jıl. 2493 ret ko'rildi


  • Қуяшлы таңлар

    Ертеңги таңлардың атыўы бийкар,
    Бәрибир жеңеди оны нурсыз түн,
    Мениң кеўилиме соң берип азар,
    Алыстан қуяшым батады бүгин.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 1739 ret ko'rildi


  • Ustozlarga

    So’z boshida qalb to’ridan cheksiz salom ustozlarga,
    Bahshidadir dildagi eng shirin kalom ustozlarga,
    Butun borliq afv tilagay saharu shom ustozlarga,
    Rabbim, sabru shijoatin qil bardavom ustozlarga.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 2360 ret ko'rildi


  • Дайыма

    Бир дайым бар көзлери күлимлеген,
    Қарақалпақ тилинен сабақ береди.
    Қыдырып барғанда гейде үйине,
    Түрли сораўларды бастан үйеди.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 1955 ret ko'rildi


  • Alg'a qa'dem

    Dostım, o’mirden bolmag’ıl qapa,
    Aldın’g’a aylanar waqıt shen’beri,
    Basın’dı ko’terip, ku’lip bir qara,
    Jaqtılıq shırag’ı ele so’nbedi,

      
    31-iyul, 2015 jıl. 3456 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Ashıqlıq zan’ı

    Ku’tpekten kewilim sharshadı,
    İmkansız esigin japtıma?
    Ko’zimde baxıt nurın shashadı,
    Qulıp o’z giltin taptıma?

      
    04-noyabr, 2015 jıl. 1654 ret ko'rildi


  • Insonga sevgisi bo’ladi qalqon!

    Mana yana bir kunim o’tyapdi asta,
    Yuragim siz sabab hali ham xasta,
    Dunyoda yagona tilagim bitta,
    Men sizni unitay jonim bir pasta!

      
    12-mart, 2013 jıl. 2216 ret ko'rildi


  • Sen baxıtlı bolıwın’ kerek.

    Du’nya astan-kesten bolsa da,
    Basın’a ne sawda salsa da,
    Arzıwların’ tu’ste qalsa da,
    Sen baxıtlı bolıwın’ kerek.

      
    19-avgust, 2016 jıl. 3161 ret ko'rildi


  • Umrbod sevaman!

    Vadalarni berib berib kuydirib ketding,
    Orzularim armon qilib maqsatga yetding,
    Ishon qattiq sevgandim seni,
    Umrbod sevaman buni bilsayding!

      
    18-mart, 2013 jıl. 2803 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.