Сүт қосылған қара шай – көпшиликтиң күнделикли ишетуғын шайы болса керек. Оның қандай пайдасы бар? Сүтсиз қара шайдан пайдалырақ па? Бүгин биз усы сораўларға жуўап излеп көрдик.
Сүт қосылған қара шай – дәми жумсақ, аўқаттың сиңиўине жеңил шай. Сүттиң өзиде пайдалы қәсийетлери менен ажыралып турады. Сүтте адам организмине керекли онлаған пайдалы затлар бар. Бирақ сүтти кеселеп ише алмайтуғынымыз белгили. Бул асқазанға аўыр.
Ал шайға қосылған сүт жеңил қабылланып, пайдалы қәсийетлерин бере алады. Витаминлер, майлар, белоклар жыйнағы денсаўлыққа пайдалы. Ҳәтте ол шай қурамындағы кофеин, алкоидлардың жаман қәсийетлерин баса алады.
Шай менен сүттиң қосындысы жағымлы ийисли, жумсақ дәмли балады. Ал сүттиң өзи шайдың пайдалы қәсийетлерин азайтады деген пикирлерде бар. Бирақ сүт, шайдың бир неше қәсийетин ғана төменлетеди. Ал сүт пенен қосылған шайдың сүтсиз шайдан пайдасы көп. Әлбетте сүттиң ең майлы түрлерин таңламаған дурыс. Егер сиз азыўды қәлесеңиз, майлылығы аз сүт (қойыў емес сүт) қосқан мақул.
Фарш қосылған картошка
“Бүгин түске ҳәм кешке қандай аўқат таярлайман?” – деў ҳаял-қызлардың күнделикли баслы сораўы шығар. Гейде не таярлайтуғынымыз ҳаққында бас...
Иримшик қосылған таўық сорпасы
Биринши аўқатқа арналған тағамлар әдетте тез сиңиўши, ҳәм пайдалы болады. Бүгин биз сизлерге иримшик пенен таўық гөши қосылған дәми аўзымыздан...
Суўда жүзиўдиң 7 пайдасы
Суў бул – тиришиликтиң дереги. Ал шомылыў яки жүзиў – шынығыўдың ең пайдалы усылы болып табылады. Жүзиў менен шуғылланыўшылардың организиминиң тамыр системасы суў...
Дүньяда бар жақсылар
Адамға өмир берилген, Жақсыға ҳәм жаманға, Неше түрли адамлар бар, Жақсылар бар дүньяда....
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...