Биринши аўқатқа арналған тағамлар әдетте тез сиңиўши, ҳәм пайдалы болады. Бүгин биз сизлерге иримшик пенен таўық гөши қосылған дәми аўзымыздан кетпейтин сорпаның таярланыўы ҳаққында айтамыз. Ол ушын бизге дәслеп төмендегилер керек болады:
• Тауық гөши – 0,5 кг;
• Картошка – 2 дана;
• Гешир – 1 дана;
• Пияз – 1 дана;
• Иримшик – 400 гр;
• Гүриш – 120 гр;
• Дуз бенен бурыш;
• Суў– 3 л.
Суўға таўықтың гөшин салып ярым саатқа шамалас қайнатамыз.
Геширди қырғыштан өткерип, пияз ҳәм картошканы төртмүйешли етип туўраймыз. Соң қайнап турған суўдың үстине саламыз.
Кейин гүришти де салып, 10 минутқа шамалас әстен қайнатыў керек.
Соң иримшик пенен дәм бериўши шөплерди салып безеўге болады.
Жағымлы иштей!
Тез таярланатуғын сэндвич: Таўық гөши ҳәм ал ...
Алманың ортасын алып таслап, дөңгелек өлшемде, жуқалап туўраймыз. Таўық гөшин ҳәм майдалап туўраймыз. Кесилген нан бөлегиниң үстине салат жапырағын,...
Наўқыран әўлад ҳәм сораў белгиси
Сәлем сизге уллы Наўқыран әўлад , Танысаңыз сораў белги боламан. Бир-еки сораўым бар рухсат етиң. Жуўап берсең шадлықларға толаман....
Дүньяда бар жақсылар
Адамға өмир берилген, Жақсыға ҳәм жаманға, Неше түрли адамлар бар, Жақсылар бар дүньяда....
Аўыл ҳаялының бир күни
Таң атыўдан үйдиң алдын сыпырып, Малларында барып саўып келеди. Балларында оятады бир-бирлеп, Ыссы ғана шайын демлеп береди....
Әлипбеге тәрийп
А-ллам илҳәм берип дөреттим қосық, Ә-липбеге нәзер салып,жүректен юшып, Б-арлық гөззаллықты тәрийп етейин, Д-әптериме жүрек сырымды қосып....