Мейли дүнья қалсын дүнья ҳалында,
Биреўге усынып гүл термек болмаң,
Ол да өнип өссин шәмен бағында.
Мөлдиреген көзди жубатпақ болмаң,
Қойың ол жыласын кеўлин босатып,
Толып-тасып жөнсиз қулатпақ болмаң,
Көкте ушқан қусқа қастан тас атып.
Демең жупын екен кийими жоқты,
Кеўил сарайына зер енген шығар,
Демең менмен екен өзине тоқты,
Қайғысын жасырып безенген шығар .
Жаңабаева Гәўҳар дөретиўшилигинен.
Birewge du’nyani’ a’permek bolman’
Meyli du’nya qalsi’n du’nya hali’nda
Birewge usi’ni’p gu’l termek bolman’
Wol da wo’nip wo’ssin sha’men bag’I’nda
Mo’ldiregen ko’zdi jubatpaq bolman’
Qoyi’n’ wol ji’lasi’n kewlin bosati’p
Toli’p-tasi’p jo’nsiz qulatpaq bolman’
Ko’kte ushqan qusqa qastan tas ati’p
Demen’ jupi’n yeken kiyimi joqti’
Kewil sarayi’na zer yengen shi’g’ar
Demen’ menmen yeken wo’zine toqti’
Qayg’i’si’n jasi’ri’p bezengen shi’g’ar
Jan'abaeva Ga'whar do'retiwshiliginen
Жалғызсаң
Неге бүгин жалғызсаң? Жубың қайда қарлығаш, Жуп болып келер едиңиз, Сайрап ҳәр күн хош ҳаўаз,...
Әкежан
Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...
Бахыт
Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...
Сағындым
Туўылып өскен ата-журтым Шымбайдың Сол баяғы соқпақларын сағындым, Бирге ойнап,бирге гүбелек қуўған, Көшемиздиң ул-қызларын сағындым....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....