Мухаббаттан ҳеш әуметим шаўмады,
Қолымдағы гүллер өз ийесин таўмады,
Енди күтетиндей сабырымда қалмады,
Келсең кел тезирек кеўлимдеги қыз.
Айлар керек емес қасымда болсаң,
Мен ушын айданда өтер сулыўсаң,
Музлаған жүрегиме жалғыз жылыўсаң,
Келсең кел тезирек кеўлимдеги қыз.
Келиўиңди күтермен бахыт жолында,
Мени бахытлы етиў сениң қолыңда,
Мына өтинишим жерде қалдырма,
Келсең кел тезирек кеўлимдеги қыз.
24.08.15
Нуржигит (Nurılla Qon'ıratbaev).
Мени еслеме
Мен өткен жоллардан, изим излеме. Көрип қалсаң өтип кет, гәптен сөзлеме. Бахтың тилеп тапсырдым сени өзгеге, Өтинишим енди, мени еслеме....
Бахыт
Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Студентлик бахыт
Студентлик бахтына миясар болыў, Билдим бүгин қандай бахыт екенин. «Жүзден жүйрик,мыңнан тулпардай болып», Қатарыңнан алда болдың дегениң....
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...