Жәмийетте болып атырған процесслерди ашық-айдынлық, пуқаралардың мәплерин гөзлеген ҳалда сәўлелендирип барыў ғалаба хабар қуралларының тийкарғы принциплериниң бири болып табылады.
Өзбекистан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министрлиги, Европа аўқамы, ЮНИСЕФ халықаралық шөлкеми үлкен жойбарды әмелге асырып атыр. Жойбардың тийкарғы мақсети аналықты ҳәм балалықты қорғаў жумысларын еледе жетилистириўге қаратылған. Усы жойбар шеңберинде Өзбекистан ғәрезсиз баспа ҒХҚ ҳәм хабар агентликлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик фонды, Журналистлерди қайта таярлаў ҳәм ЮНИСЕФ шөлкеми менен биргеликте республикамыз регионларындағы ғалаба хабар куралларының потенциалын раўажландырыў жойбары тийкарында Нөкисте «Социаллық қорғаў: Аналық ҳәм балалықты қорғаў – мәмлекет сиясатының баслы бағдары» темасында семинар болып өтти. Семинарға Республикамызда ҳәрекет етип турған ғалаба хабар қуралларының тәжирийбели журналистлери менен бирге Ден саўлықты сақлаў министрлиги, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Семинар күтилгениндей жанлы тәризде өтти. Дәслеп семинарды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси прессе-хызмети баслығы, усы жойбар координаторы Есимхан Қанаатов сөзге шығып семинардың бағдарламасы ҳәм қәнигелерди таныстырды.
Дәслепки сөз «Саламат әўлад ушын» қайырқомлық жәмийетлик қорының баслығы Оразгүл Ембергеноваға берилди. Ол өз сөзинде қор тәрепинен аналық ҳәм балалықты қорғаў бойынша ден саўлықты сақлаў министрлиги менен бирге ислеп атырған басламалар менен жумысларды атап өтти. Қәнигениң сөзлеринен кейин журналистлер өз сораўларын берди. Олардың айырымларын атап өтемиз: «Аналарға қолланылып атырған контрацепция усылларының ден саўлыққа кери тәсири жоқ па?», «Қор қайырқомлық илажларды өз кестеси тийкарында әмелге асыра ма?». Қәнигениң жуўаплары да журналистлердиң иштейин ашып жиберди ҳәм бир қатар сораўлар берилди, оларға тужырымлы жуўап берилди.
Буннан соң сөзге Өзбекистан арнаўлы Олимпиада жәмийетлик бирлеспелери Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Гүлшат Турсымуратова шықты. Бирлеспе баслығы алып барылып атырған жумысларды бир катар мысаллар тийкарды атап өтти.
Семинардың соңында болса Қарақалпақстан Республикасы Ден саўлықты сақлаў минисриниң Аналық ҳәм балалықты қорғаў бойыншы орынбасары Дәметкен Бекбаева шығып сөйледи. Қәниге пикирлерин азғана тарийхый шегинис пенен баслап, бурынғы аўқам ўақытында ден саўлықты сақлаў министрлигинде аналық ҳәм балалықты қорғаў бойынша министр орынбасары болмағанлығын ҳәм бул лаўазым енгизилгеннен баслап болса оған терапевт шыпакерлердиң тайынланып келгенлигин атап өтти. Соның менен бирге министрлик тәрепинен республикамыз районларында халықтың ҳәм аналардың репродуктив саламатлығын қорғаў тийкарында туўыў жасындағы 481 864 ҳаялдың 98,5 проценти кесте тийкарында профилактикалық медициналық бақлаўдан өткерилгенин ҳәм медициналық бақлаў нәтийжесинде анықланған кеселликлерди емлеў жумыслары алып барылғанлығын да атап өтти. (Ден саўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен алып барылған жумыслардың нәтийжелилигин анық бақлаў ушын төмендеги инкографикаға итибар бериўди усыныс етемиз).
Семинар өз жуўмағына жетти. Лекин, бул тема бойынша кеңирек талқылаў алып барыў ушын 16-октябрьде жыйналыўға келисип алынды.
Хурмет Атажанов,
Журналист.
Инфографикаға итибар бериң!
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Болажақ шыпакерлер менен ушырасыў
1-декабрь халықаралық АИЖС қа қарсы гүресиў күни алдынан республикамыздың бир қатар оқыў орынларында ушырасыў кешесин өткерип барыў дәстүрге айланып...
АИЖС ҳаққында түсиник берилди
28-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлер жатақханасы залында 1-декабрь халықаралық АИЖС қа қарсы гүресиў...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....