Ҳәр урғанда шығып кетердей болып.
Қорқаман биймезгил тоқтамағайсаң.
Перзентлерим ушын турғайсан урып.
Ура бер жүрегим қыйнап денемди.
Сен берген азапқа еплеп шыдарман.
Өмирде арттырған тәшўишлеримди.
Жеңиў ушын тойып-тойып жыларман.
Аллаҳым сорайман сеннен бир тилек.
Өмирде азғана жасап турайын.
Саған зыяным жоқ ура бер жүрек.
Ул-қызымның бахтын көрип қалайын.
Жалынып сорайман тоқтама жүрек.
Дәртимди жүк етип саған салмайын.
Өмир соранаман сеннен бир тилек.
Айралық азабын енди тартпайын.
Аўырса шыдайын кеўлим разыман.
Жаманлықты тек ишиме салайын.
Биймезгил тоқтама соннан қорқаман.
Душпаныма күлки болып қалмайын.
Аллаҳым сорайман сеннен бир тилек.
Өмирде азғана жасап турайын.
Ойлаған нийетим көп бул өмирде.
Тәғдирге тәўекел қылмай жасайын.
Ҳақ нийетти салып кемтар кеўилге.
Саған зыян бермей жасап қалайын.
Өмирде азғана жасап турайын.
Жалынып сорайман тоқтама жүрек.
Mirbek Pazilov,
mp-1984.
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Достыма жуўап
Дос деўгеде енди бармайды тилим, От болып өртенди бүгин кеўилим, Жигит пенен қызлар дос бола алмас Жақсы қалың, достым сөнди үмитим....
Қорқаман
Бүгин қосық жазып ертеңги күни Жаза алмай қалыўымнан қорқаман. Денсаўлықта ойнап күлип бир күни Тура алмай қалыўымнан қорқаман....