Айт сен, Әжинияздың қосықларынан,
Жыласын яр ышқы баўырын кескенлер.
Еңиресин елинен айра түскенлер,
Айт сен, Әжинияздың қосықларынан. (И.Юсупов)
Еки әсирге шамалас ўақыт аралығында қарақалпақ халқы әдебиятында ҳәм оған қоңысы болған туўысқан қазақ, өзбек, түркмен, қырғыз халықлары әдебиятында өзиниң шығармалары менен өшпес из қалдырған уллы классик шайырымыз Әжинияз Қосыбай улы болып табылады.
«Әжинияздың шайырлығын, өмир тарийхын изертлеў, қосықларын жәриялаў бойынша туңғыш мағлыўматлар Н.Дәўқараев, Қ.Айымбетов, О.Кожуров, тарийхшы алым П.Ивановтың қәлемине тийисли» [1]
Соннан берли де шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигине байланыслы бир қанша илмий-изертлеў жумыслары алып барылмақта. Биз жас әдебиятшылар Әжинияз шайырдың дөретиўшилигин изертлеўде билим, илим булағына қанған теңизлердиң қасында, теңиздиң бир тамшысы болып көринсекте, өз үлесимизди қосыў орынлы деп билемен. Себеби халқымызда «тама-тама көл болар» деген ибара бийкарға айтылмаған. Биз Әжинияз шайырдың поэзиялық топламларын талықлай отырып, оның дөретиўшилигинде миллийликтиң, миллий үрп-әдет дәстүрлеримиздиң көтериңки руўхта берилгенин көремиз. Бир мақала ишинде олардың барлығына тоқтап өтиў мүмкиншилиги болмағанлықтан шайырдың бәршемизге белгили болған «Еллерим барды» қосығын алып қараўды мақул таптық.
Мысал ушын бул қосықта миллийлигимиздиң баслы белгиси сыпатында төмендеги қатарларды ушыратамыз.
Сорасаң елимди Қожбан бизлерден,
Қалпағы қазандай еллерим барды…
Бул жерде қалпағы қазандай деп, үлкенлиги, көлеми емес, қазандай қап-қара миллий бас кийимимиз болған қара қалпақты нәзерде тутып турғанын көремиз. Егер де бул бир ғана қара қалпақка талықлаў жасалғанда бир монография жазылыўы сөзсиз. Себеби келип шығыўы қарақалпақ халқының пайда болыўы менен сағалас болған бул бас кийимди қалайынша миллийлигимиз деп тән алмаўымыз мүмкин?
Сондай-ақ усы қосықта қарақалпақ қыз-жигитлерине берген тәрийпинде, олардың базы бир тағыншақ ҳәм кийимлерине тоқтап өтеди. Мысалы:
Сүйрик саўсағында периўза жүзик,
Беллери қыналған бир қысым нәзик.
Ҳәр қолында алтын, гүмис билезик,
Салланып мәс гезен қызлары барды.
Бул қатарлар арқалы шайыр XIX әсирдеги қарақалпақ қызларының тиллә тағыншақларын сөз еткенин көремиз. Қарақалпақ халқы әзелден көшпели халықлардың бири болса да, өзиниң үрп-әдетлерин миллийлигин сақлап әўладтан-әўладқа жеткерип бере алған. Шайыр бул қатарлары арқалы сол дәўирлердеги халықтың економикалық-социяллық жағдайы қандай болыўына қарамастан ҳаял-қызларымыз ата-бабаларынан мийрас қалған қымбат баҳалы таслар менен безетилген тағыншақларды тағып той-мерекелерге баратуғын, көбинесе узатылған ўақытлары тағатуғын болған. Сол себепли ҳазирги күнде бизиң ҳаял-қызларымыз таққан бир қанша қымбат баҳалы тағыншақлар Республикамыздағы Савицкий атындағы көркем-өнер музейинде сақланып келинбекте.
Және де усы қосықта жигитлерге берген тәрипинде былай деп жазады.
Гүдәры белбеўи дизеге түскен…..
Беллескенде хан палўанын қоймаған….
Қоңыраттың Гүжектей палўаны барды.
Бул қатарлардан көринип турғанындай палўанлықта көкиреги жерге тиймеген қарақалпақтың Гүжектей палўанларын сөз етеди. Гүрес бәршемизге белгили миллий спорт түрлеринен бири болып, оның менен ата-бабаларымыздың шуғылланып хан палўанларына да жеңилмес дәрежеде күш-қарыўға толы болғанын дәлиллеп келтиреди.
Сондай-ақ усы қосықта ата-бабаларымыздың азық-аўқат еткен тәбийий ҳәм миллий жемислерин сөз етеди.
Жылына мийўалап үш рет пискен,
Аты сүтилмектей жемисим барды…
Қырында қызарып пискен геўирек…
Теңиз етегинде болар қаншийе…
Бағларымда писер алмайыў-әнар…
Улыўмаластырып айтқанда бул тек ғана шайырдың «Еллерим барды» атлы тәрип қосығы ишинде келтирилген қарақалпақ халқына тән болған милийлик, халықлық белгилери еди. Биз бул қосықты оқып отырып XIX әсирдеги қарақалпақ халқын, оның минез-қулқын, дәстүрлерин көз алдымызға келтире аламыз.
Ибраимова Г.
Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультети 3в курс студенти
Илимий басшысы ф.и.к. доц. М.Бекбергенова
[1]: «Әжинияз» таңламалы шығармалары Қарақалпақстан баспасы 1994-жыл И.Юсупов 11-бет
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Қарақалпақстаным
Қ-ушағыңда туўылып камалға келдим, А-на сүтин емип тәрбия көрдим, Р-еспубликам жасларды қоллар мудамы, А-лла көз тиймесин бахтыма мениң....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Қарақалпақта
Үстинде бар нағышлы киймешеги, Маржан тақыя жарасықлы пөпеги, Келиншеклер кийер жегде жипекли, Көк көйлекли қызлар қарақалпақта....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....