Ҳақыйқаттан да қәлеген жәмийеттиң келешегин балалар менен жаслар белгилеп береди. Солай екен олардың билим алыўға, тәрбия алыўға болған ҳуқықларын қорғаў мәмлекеттиң, жәмийеттиң баслы мақсети болыўы керек.
Жақында яғный Өзбекистан ғәрезсиз баспа ҒХҚ ҳәм хабар агентликлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик фонды, Журналистлерди қайта таярлаў ҳәм ЮНИСЕФ шөлкеми менен биргеликте «Балалар билимлендириўиниң абзаллықлары» атамасындағы семинардың баслы бағдары балалардың билим алыў ҳәм жасаў ҳуқықларының билимлендириў мәкемелеринде қалай әмелге асырылып атырғаны, бул бағдарда мәмлекетимиз тәрепинен жаратып берилип атырған имканиятлар шеңбериндеги мәселелер ортаға тасланды.
Семинарды күтилгениндей Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баспасөз хызмети баслығы, жойбар координаторы Есимхан Қанаатов ашып берди ҳәм келген мийманлар менен қатнасып отырған журналистлерди таныстырып өтти.
Буннан соң сөзге К.Убайдуллаев атындағы Республикалық халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў институтының доценти Гүлжәҳән Айекеева шықты. Ол өз сөзинде тийкарғы бағдарды «Бала ҳуқықларын қорғаў» конвенциясы шеңберинде «Балаға дослық қатнастағы» мектеп атамасындағы жойбардың орынланыўы барысында исленген жумысларға тоқтап өтиў менен бирге, конвенцияның ҳәр бир бөлиминиң әҳмийетин ҳәм оларды орынлаўдың механизмлерине айрықша мазмун берди.
Гезектеги сөз болса Нөкис қалалық халық билимлендириўи бөлими методисти Диларам Айтмуратоваға берилди. Қәниге өз сөзинде мәмлекетимизде билимлендириў процеси шеңберинде балаларға билим менен бирге тәрбияны да теңдей берип барыў көнликпеси енгизилип атырғаны, билимлендириў процесинде пайда болып атырған машқалалар менен тосқынлықларды сапластырыў бойынша алып барылып атырған кейин көлемли жумысларды атап өтти. Ол өз сөзлерин билимлендириў мәкемелеринде балаларды билим алыўға кызықтырыўда педагоглар тәрепинен алып барылып атырған интерактив сабақлардың нәтийже берип атырғанына тоқтап өтти.
Семинарға қатнасып отырған журналистлерде өз сораўлары менен қәнигелерден жуўап алыўға ҳәрекет етти.
Семинар қатнасыўшыларының өз-ара пикир алысыўы түслик пайытында да даўам етти.
Түсликтен соң болса «Мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң имиджин қәлиплестириўдиң тийкары: ҒХҚ ресурсларынан пайдаланыў» атамасындағы семинар болып өтти.
Семинардың тийкарғы мақсети МКШ лар менен ғалаба хабар қураллары арасында конструктив байланыс орнатыўға жәрдемлесиў ҳәм байланыс орнатыўдың механизмлери менен танысыў болып табылды.
Семинарға Республикамызда ҳәрекет етип турған бир қатар мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты. Дәслеп қатнасыўшылар өзлерин таныстырды. Буннан соң болса семинар модераторы Өзбекистан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети халықаралық журналистика факультети доценти Наргиз Қасымова «Имиж түсиниги. МКШ ниң имижин қәлиплестириўде ҒХҚ ларынан ҳәм Интернет-ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў», «МКШ ниң имижин қәлиплестириўде жәмийетшилик пенен бирге ислесиў механизмлери ҳәм түрлери» деген темада презентация исследи.
Кейин ала болса МКШ менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери биргеликте топарларға бөлинип бирге ислесиўдиң механизлерин ислеп шықты ҳәм оның нәтийжесинде топарлар өз презентациясы менен қатнасыўшыларды таныстырды.
Буннан соң болса Наргис Қасымова баспасөз конференциясын өткериў тийкарлары, ПР компанияларды шөлкемлестириў ҳәм олардың МКШ лердиң имиджин көтериўдеги әҳмийетин айрықша атап өтти.
Семинар жуўмағында МКШ менен ғалаба хабар қуралларының бирге ислесиўдеги жолға қойылып атырған кемшилик атап өтилди.
Хурмет Атажанов,
Журналист.
Жаслар тәрбиясында руўхыйлықтың орны
Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында-ақ, базар экономикасына тийкарланған раўажланыўдың өзине тән жолына ийе болған ҳуқуқый демократиялық...
Аналық ҳәм балалықты қорғаўда ғал ...
Жәмийетте болып атырған процесслерди ашық-айдынлық, пуқаралардың мәплерин гөзлеген ҳалда сәўлелендирип барыў ғалаба хабар қуралларының тийкарғы...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Бахытлы өтпекте жаслық шағым, Ана Ўатан сениң қушағыңда, Билемиз, әлбетте, буның бәрин, Ғәрезсизлик шарапатында. Далалар, қалалар бәри...
Бахыт
Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....