Ана Ўатан сениң қушағыңда,
Билемиз, әлбетте, буның бәрин,
Ғәрезсизлик шарапатында.
Далалар, қалалар бәри жаңарған,
Парқы жоқдур аўыллардың қаладан,
Көкте қуяш күлимсиреп қараған,
Уллысаң, муқәддессең, Ана- Ўатаным.
Тынышлық, татыўлық, ел-журт пәрәўан,
Ашық болсын иләйим көм-көк аспан,
Уллы ғәрезсизлик пенен бирге,
Өсип, кәмал таўып атырған жаспан.
Еркин елимниң ерке қызыман,
Ғәрезсизлик гүл-ғумшасыман,
Инсан ҳүрметке бөленген заман,
Муқәддессең ғәрезсиз ўатан.
Есемуратова Сахибжамал.
Қутлы заман
Шайырларға «йошбағыш»саң, Кеўиллерде зер нағышсаң, Жулдызларға жеттим ушсам, Сен дегенде, Ғәрезсизлик....
Жаңа жыл
Ғәрезсизлик басланғанлы елимде Еркинлик сезими жасар кеўилде. Мине бүгин жигирмаға толмақта Жаңа жылым бахыт берсин ҳәр үйге....
Өмир пасыллары
Өтер өмиримиздиң сансыз күнлери, Бирде шадлы бирде ғамлы түнлери, Балалық, өспирим, орта, ғаррылық, Төрт пасылдай гезеклесер ҳәр бири....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....