“Илим инсаният гаўҳары” Илим қаранғылықты жарытыўшы зыя, өмир жолымызды нурға толтырыўшы қуяш соның менен бирге адамлардың ҳақыйқый келбетин көрсететуғын ең баслы дерек сыпатында тәрийпленеди. Буны ғәззел мүлкиниң султаны Мир Алишер Наўайы дөретпелери арқалыда терең аңлаўымызға болады.
Ҳақыйқатында да, илим ҳәм оның турмысымыздағы әҳмийети жөнинде Алишер Наўайы тәрепинен бир қанша қунлы дөретпелер дөретилип, олар бүгинги күнде де өзлигин жойтпастан руўхый дүньямыздың байыўына үлес қоспақта. Президентимиз өзиниң «Жоқары мәнәўият – жеңилмес күш» - атлы мийнетинде: «Егер бул инсанды әўлие десек әўлиелердың әўлиеси, ойшыл десек ойшыллардың ойшылы, шайыр десек шайырлардың султаны саналады», - деп бул уллы тулғаға жоқары баҳа береди. Өйткени, Шығыс философлары уллы шахсларды «қутб-ул әўлие» яғный жол көрсетиўшы ўәлийге теңлестирген. Пүткил өмирин инсаниятты кәмилликке жетелеўши шығармалар дөретиўге бағышлаған сөз зергери төрт жасында мектепке барып, 15 жасында шайыр сыпатында таныла баслады. Күн Шығыс классикалық әдебиятында «Жети жулдыздың бири» саналған талант ийесиниң данышпанлық пенен жазылған дөретпелери дүнья халықларына таралған. Ол патша сарайында ўәзир болыўына қарамастан, әпўайы халық мәпин ҳәр неден үстин билип, олардың бар қайғысы, қуўанышы ҳәм тәдири менен егиз жасаған. Қайсы бир шығармасын алып қарамайық, онда инсан ҳәм оның кәмилликке, гөззаллыққа, туўры жасаўға умтылыў идеяларын биринши орынға көтерип сәўлелендиреди. Мине, бул идеялардың әмелге асыўының баслы дереги сыпатында ойшыл: илим ийелеўди, айтып өтеди. Наўайы бул ҳаққында «Назмул жавоҳир» шығармасында: «Илимлилер менен болған сәўбет бизди ҳақыйқый бахытқа жетелейди» - деп көрсетеди. Буннан тысқары, 1482-1485-жыллар аралығында жазылған «Ҳамса» дәстанларының бәршесинде илимге меҳир қойған, жаңалыққа умтылыўшы қаҳарманлар образын ушыратамыз. Демек, Наўайы өз дөретпелери арқалы бизге барлықты жаратыў, инсанларды жақсылыққа қарай талпындырыў ҳәм бахыт мәнзилине жеткериўдей жоқары ўазыйпаны тек ғана илим жәрдеминде әмелге асырыў мүмкинлигин уқтырады. Оның данышпанлығы туўралы халық арасында түрли аңыз-әпсаналар, ҳикметке айланған ўақыялар жүреди. Усы орында шайыр жасаған дәўирде дөрелгени менен тап бүгин ушын айтылғандай бир ўақыяны келтирип өтиў орынлы. Наўайы халықтың турмыс жағдайын үйрениў мақсетинде олар ең көп топланатуғын базарға қарай жол алады. Базар аралап жүрип, қарыйдар ҳәм саўдагердиң тартысын гүзетип турған бир топар адамлардың үстинен шығады. Тартыс соныңдай пәтине жеткенлигин, бири-бирин тыңламастан бәлент ҳаўазда сөйлеп атырғанлығынан аңлаў қыйын емес еди. Соң бул тартыстың не үстинде екенлигин билиўге қызықсынып, аламанға бет бурды. Бири «се» десе, екиншиси яқ «үш» ал, әтирапындағыларда қалыспай «берме», «болмайды» деп тартысты жәнеде даўамлайды. Быраз қулақ түрди де бирден күлип жиберди. Ҳәмме бул даўысты еситиў бойы тынып, күлиўиниң себебин сорады. Сонда ол: Екеўиңизде бир баҳа үстинде тартысып атырсыз. Яғный, түрикше «се», бизиңше «үш» дегени деўи бар ҳәмме шақалақ атып күлиўге түсти. «Тил билген, ел биледи» - деген ҳикметли сөз мине, усы ўақыя тыйкарында дөрелгени ҳақыйқат. Тил билген инсан қандай орталық, қандай ҳалат болмасын машқаланың аңсат шешимин табыўын усыннан аңласақ болады.
Уллы сөз зергериниң исмин мәңгилестириў ҳәм оның әдебий мийрасын үйрениўге ғәрезсизлигимиздың дәслепки күнлерден-ақ, итибар қаратылғанлығын 1991-жылдың Президентимиз тәрепинен «Алишер Наўайы жылы» сыпатында белгиленип, туўылғанының 550 жыллығы кең түрде өткерилиўи соның менен бирге шайырдың 20 томлық шығармалар жыйнағының басып шығарылыўы мысалында көрсек болады. Әдебият шын мәниде кеўиллерди тутастырыўшы илаҳый тилсим. Сол ушында, Алишер Наўайы өзиниң жақсыллыққа, илим үйрениўге, шадлы күнлерге талпынып жасаўға ийтермелейтуғын дөретпелери арқалы ҳәр биримиздиң жүрек төримизде жасамақта.
Гүлжаҳан Сейтназарова.
Сүўрет: darakchi.uz
Бахыт
Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Биринши муҳаббат
Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....