Дүнья жүзлик мода үлгисинде өзине тән орны бар кийим джинсы ҳаққында нелерди билемиз? Буны ең дәслеп санаатқа ким енгизгени ҳәм оның қандай таўардан исленгенин билесиз бе? Бул сораўлардың жуўабын көрип шықсақ.
1. Дәслепки джинс таўарынан тигилген кийимлер ҳаққында ХVI әсирде Англиялық китапларда жазылған. Дәcлебинде шалбар тигиў ушын зәрүр таўарды Генуядан алып келинген. Кейин пүткил Европаға экспортланған екен.
2. Джинс жүдә айрықша таўардан таярланады. Жиплердиң тигиси де өзгеше. Сырттан қарағанда жиби бояўлы болса, ишинен ол бояўды көре алмайсыз.
3. Джинс өнимлерин биринши рет мода әлемине алып келген Ливай Строссу. Ол Америкаға көшкеннен кейин атын Леви Страусс деп өзгерткен. Бүгинги күнде дүньяға атақлы "Levi Strauss & Co." компаниясы жылына 7 млрд. АҚШ долларына тең джинс кийимлерин сатады.
4. Индиго реңли (қара көк бояў) деним джинс таўарының бояўы әййемде күлден таярланған.
5. 40-шы жылларға келип джинстың дизайны өзгерди, яғный белден төмен жайласқан орнындағы мыстан таярланған думалақ қыстырғыш шегеси алып тасланды. Себеби, далада от жағып отырған ўақытта мыс ысып, денени қыздырған екен.
6. 1950-60 жыллары Оззи Осборн джинстың жаслар арасында кеңнен тарқалыўына үлкен үлес қосқан.
7. 60-жыллардың соңында атақлы дизайнер Луи Ферро джинсыларды реңли таслар менен безеп, мода ретинде презентациясын көрсетти. Бул презентациядан кейин джинс моданың тийкарғы элементи бола баслады.
8. Санаатқа енгизилген күннен баслап бүгинги күнге шекем пүткил дүнья бойынша 2.500.000.000-тан аслам джинс өндирилген екен.
дерек көзи: estetki.ru
Селфи дегенимиз не?
Мобил технологиялар раўажланған бүгинги күнде турмысымызда селфи сөзи кеңнен қолланыла баслады. Бул терминниң қашан ҳәм қалай пайда болғанын билемизбе?...
Таң
Мине атты тағы бир таң әжайып, Жер жүзине нурлы шуғласын жайып, Өмирим бир күнге барар қысқарып, Сонда да күтемиз таңды асығып....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Кешир мени
Кеширалсаң кешир мени сүйгеним, Тағдир сынар екен буны билмедим. Ерип душпанымның жалған сөзине, Тойымызға разылық бермедим....
Дуз ҳаққында әпсана
Ерте заманларда жерде дуз бар болса да, адамлар оның пайдасын биле алмай, аўқатларын дузсыз жейтуғын болған. Дуздың дәслеп табылғанлығы ҳаққында халық...