Ерте заманларда жерде дуз бар болса да, адамлар оның пайдасын биле алмай, аўқатларын дузсыз жейтуғын болған. Дуздың дәслеп табылғанлығы ҳаққында халық арасында мынадай бир әпсана бар.
Қартайған бир аңшы бир жерге барып от жағып, аўлап келген олжасының гөшип туўрап, кабаб етип жемекши болыпты. Аңшының сол отырған орны дуздың кәни екен. Бир бөлек гөш қолынан жерге түсип кеткенинде оны жуўып келиўге ҳалы болмай, қайтадан қолына алып, сыпырып аўызына салса, гөштиң дәми өзгергенин аңлапты. Буған ҳайран болып және бир гөш алып, оны да жерге басып жеп көрсе, гөш жүдә мазалы болғанын сезипти.
Аңшы бул жерде қандай да бир қәсийеттиң бар екенлигин сезип, қалған гөшлерин де дузлап, дәмли етип жеп алады да, дуздың тазалаў жеринен қалтасына салып, үйине алып қайтыпты.
Дәслеп сынап көрип, кем-кем қазанға да сала баслапты. Дуз қайсы жерге жантасса, тағам дәмли бола берипти. Соннан халыққа жайылып, халық дузды қолланып дәмли ҳәм мазалы аўқат жейтуғын болыпты.
Есемуратова Сахибжамал.
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...
Қара көзлерим
Мөлдир қара көзлерде, Жүрек сыры бар еди. Сол жүреклер түбинде, Әрмәнлар қабат еди....