Мобил технологиялар раўажланған бүгинги күнде турмысымызда селфи сөзи кеңнен қолланыла баслады. Бул терминниң қашан ҳәм қалай пайда болғанын билемизбе? Елимизде дәслепки селфилер қайсы социяллық тармақларда жәрияланды? Қандай селфи түрлери бар? Бул сораўлардың жуўабын мақаламыз арқалы изертлеп көрдик.
Селфи (selfie) – өзин өзи фотоға түсириў ямаса автопортрет деген мәнисти аңлатады. Бул сөз дүньяда бириншилерден болып 2012 жыллары Фейсбук тармағы арқалы атақлы болды. Бирақ бул сөз 2002 жылда Австралияда өткен бир форумда қолланылған екен. 2013 жылы Оксфордтың атақлы инглис тили сөзлигинде “Жыл сөзи” атағы берилди.
Әдетте селфилер социяллық тармақларда жәрияланады, сонлықтан бул сөз кеңнен қолланыла баслады. Дәслепки селфилер елимизде Мой-мир социяллық тармағына қойыла баслады. Алдыңғы/арқа камералары бар смартфонлардың көбейиўи нәтийжесинде селфилер саны да арта баслады. Буның нәтийжесинде Инстаграм социяллық тармағында селфилер көбейди, ҳәтте айырым пайдаланыўшылар күнделикли селфи қылыўды дәстүрге айландырды. Бурынлары тек арқа камералары арқалы “соқыр селфилар” түсирилсе, ҳәзирги ўақытта алдыңғы камера арқалы анық селфилар ҳәм топарлық селфилар түсирилмекте.
Селфилардың 30 пайызы 18-24 жас аралығындағы жасларға тийисли екен.
Таярлаған: Калмуратов Б.
сүўрет: gadgetblog.ru
Селфи қылыўға арналған қолайлы телефон
Жақында HTC компаниясы One M8 смартфонының жаңа версиясын шығарады. Жаңа версияның аты One M8 Eye. Атамасына итибар берсек, смартфон камерасы жетилистирилген үлгиде болады....
Facebook жер шарының 15% тин интернет пенен тәмийинлемекши
Facebook жер шарының 15%тин, яғный Латын Америкасы, Африка ҳәм Азияның айырым мәмлекетлерин интернет тармағына қосыўды режелестирмекте. Усы мақсетин орынлаў ушын...
Төлемли социяллық тармақ ашылады
Интернет тармағында пайдаланыўшылар ушын төлемли социяллық тармақ ашылады. Бул тармақтан дизимнен өтиў 9000 АҚШ долларды қурайды. Ал социяллық тармақтың аты...
Сиңлим ҳәм мен
Отырсам радиодан жаңалық еситип, Жас жигит қосығын айта баслады. Деген ўақта «Тек бир мәрте гөгек бер» Сиңлим ҳайран болып саўал таслады....
Ҳақыйқый дос тармақта ма?
2012 жылдың 5 ноябрь күни Facebook рәсмий веб сайты социаллық тармақларды шеннен тыс пайдаланыў денсаўлыққа зыян деп жәриялады. Илимпазлар Facebook сыяқлы социаллық...